like.jpg

Интернеттен пайдаланыўға қаншелли таярсыз?

Сораўлардың ҳәммесине «АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң. Жуўапларыңызды қағазға жазың, кейин дурыс жуўапларды анықлаў ушын бул мақаланың соңына ѳтиң!

1-Сораў:

Социаллық тармақларда биреў мени масқаралады. Мен де оған тап сол тәризде жуўап қайтарсам дурыс бола ма? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

2-Сораў:

Достымның хабарларын кѳриў ушын оның аккаунтына тек еки минутқа кирдим. Бул дурыс па? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

3-Сораў:

Бир адам социаллық тармақларда орынсыз хабарларды жайластырып атыр. Мен бул ҳаққында хабар берсем, дурыс ислеген боламан ба?

(«АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

4-Сораў:

Интернетте жаңа танысым пайда болды ҳәм ол мени үйине қонаққа шақырып атыр. Егер мен барсам, бул ДУРЫС бола ма? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

5-Сораў:

Интернетте ақша утыслары туўралы хабарлар алдаўшылық болып есапланады ма?

(«АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

6-Сораў:

Мен қатнаспаған ҳәм танымаған адамнан текстли хабар алдым. Хабарда не жазылғанлығын кѳриў ушын оны ашыўым керек пе? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

7-Сораў:

Егер парольлеримди биреўге, ҳәттеки жақын достым менен бѳлиссем, сол ДУРЫС бола ма? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

8-Сораў:

Интернетте табылған биреўдиң жумысын ѳзиңиздиң мектеп жойбарыңызда ислетсеңиз ДУРЫС бола ма? («АЎА» ямаса «ЯҚ» деп жуўап бериң)

Сынақта қай дәрежеде жақсы нәтийжелерге еристиңиз? Келиң, кѳрип шығайық!

1-Сораўдың жуўабы «ЯҚ». Ҳәтте бир адам сизге қарсы биринши болып жаманлық ислеген жағдайда да, ѳсек гәплерди ямаса биреўди ренжитетуғын хабарлар/силтемелерди ямаса бийәдеп ўақыяларды, ямаса фотосүўретлерди тарқатпаң. Бул жағдайды және де шийеленистиреди. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Гүдибузарлар менен қалай сѳйлесиўге болады» бѳлимин оқың.

2-Сораўдың жуўабы «ЯҚ». Басқалар сыяқлы, сиз де жеке турмысыңызға қол қатылмаслығы ҳуқықына ийесиз. Басқалардың аккаунтларына кириў ямаса олардың телефон номерлери, ямаса профильлеринен рухсатсыз пайдаланыўға болмайды. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Буны сыр тутың» бѳлимин оқың.

3-Сораўдың жуўабы «АЎА». Кѳплеген социаллық тармақлар платформаларында сиз бул социаллық платформаның жәмийетлик нормаларына қарсы болған белгили бир хабар ямаса фотосүўрет ҳаққында хабар бериўиңиз мүмкин. “Facebook”та гүдибузарлық, зорлық сүўретлери ҳәм спам нызамбузыўшылыққа киреди. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Сизди қапаландыратуғын ямаса түскинликке түсиретуғын фотосүўретлер/текстлер» бѳлимин оқың.

4-Сораўдың жуўабы «ЯҚ». Интернет арқалы танысқан адам менен биринши ҳәм кейинги ушырасыўларда абайлы болың. Ушырасыў ушын мудамы жәмийетлик орынларды таңлаң (мысалы, саўда орайы) ҳәм достыңызға ямаса шаңарақ ағзаларыңызға қай жерге барыўыңызды ҳәм ким менен ушырасыўыңызды хабарлаң. Достыңыз ямаса шаңарақ ағзаларыңыздан бири сиз бенен бирге барыўын ѳтиниш етсеңиз мақсетке муўапық болады. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Жумыс ҳаққындағы бул усыныс ҳақыйқый ма?» бѳлимин оқың.

5-Сораўдың жуўабы «АЎА». Егер сиз интернеттен пайдаланатуғын болсаңыз, сизге электрон почтасы арқалы яки текст формасында ақша ямаса қандай да утыслар, мысалы уялы телефон ямаса дем алыс жолламасы сыяқлы затларды утқаныңыз ҳаққында хабар келиўи мүмкин. Бундай хабарлар алдаўшылық болып табылады ҳәм оларға исенбеўиңиз керек! Ҳеш қандай жарыста ямаса таңлаўда қатнаспай турып, қандай да бир нәрсе утып алыў мүмкин емес! Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Сизге пул сыйлықлары туўралы хабарлар келеди ме?» бѳлимин оқың.

6-Сораўдың жуўабы «ЯҚ». Бийтаныс адамлардан келген электрон почта хабарларында жайласқан силтемелерди баспаң. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Сизге пул сыйлықлары туўралы хабарлар келеди ме?» бѳлимин оқың.

7-Сораўдың жуўабы «ЯҚ». Паролиңизди биреўге хабарлаўыңыз керек ЕМЕС. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Буны сыр тутың» бѳлимин оқың.

8-Сораўдың жуўабы «АЎА». Интернетте әмелий жумыслар ҳәм изертлеўлер ушын жүдә кѳп мағлыўматлар бар. Ең жақсы усылы сиз мектеп/университет жойбарыңыздың “Библиография” бѳлегинде ислетпекши болған мағлыўмат ямаса мақалаңыздың түп дерегин ҳәм ол ҳаққында кѳбирек толық мағлыўматларды киргизиўиңиз керек. Интернетте тапқан биреўдиң жумысын ѳзлестирип қолланыў надурыс. Бул ҳаққында кѳбирек билиўди қәлейсиз бе? «Жойбарлар ушын интернеттен қалай пайдаланыў керек» бѳлимин оқың.

Бирден тѳртке шекем ДУРЫС жуўап бердиңиз бе? - Жақсы, бирақ айрықша емес. Сиз еле кѳп жумыс ислеўиңиз керек, сол себепли «Connect Smart»тағы барлық мағлыўматларды оқың, тағы бир мәрте сынақтан ѳтиң ҳәм нәтийжелериңиз қандай жақсыланып атырғанын кѳриң.

Бестен жетиге шекем ДУРЫС жуўап бердиңиз бе? - Айрықша, сиз дерлик мақсетке еристиңиз! Қәтелескен жерлерди дыққат пенен қайта оқып шығың ҳәм тағы бир рет сынақтан ѳтиң!

Барлық сегиз сораўға ДУРЫС жуўап бердиңиз бе? Әжайып, сиз Интернет жулдызысыз! Досларыңызға айтың ҳәм Интернеттен пайдаланыўға қаншелли дәрежеде таяр екенлигин анықлаў ушын тест тапсырыўды усыныс етиң.

Aldıng’ı Keyingi