superfoydalanuvchi.jpg

Интернеттен ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланыў ушын әҳмийетли мәсләҳәтлер:

  1. Адамлар социаллық тармақларда билдирген пикирлерине ҳүрмет пенен қатнаста болың, ҳәтте сиз олардың пикирлерине қосылмасаңыз да.
  2. Жеке мағлыўматларыңызды, мысалы, адресиңиз, телефон номериңиз ямаса банк мағлыўматлары сыяқлы әҳмийетли мағлыўматларыңызды бийтаныс адамларға бермең.
  3. Затларды интернет арқалы онлайн режиминде сатып алғанда абайлы болың. Тек исенимли веб-сайтлардан саўда ислең.
  4. Интернетте бийпул усыныс етилетуғын нәрселерден абайлы болың - бул жалатайлық, алдаў болып шығыўы мүмкин. Мағлыўматты тек исенимли веб-сайтлардан жүклеп алың.
  5. Соны ядыңызда тутың, ҳәтте бийпул жүклеп алған жағдайда да сизиң ақшаға сатып алынған интернет ўақтыңыздан пул жумсалыўы мүмкин, себеби бул жүклемелер ўақтында мағлыўматлар пайдаланылып, әмелдеги эфир ўақты жумсалады.
  6. Сиз пайдаланатуғын социаллық тармақ платформаларыңызда қупыялылық сазламаларын ѳзгертиўиңиз мүмкин, бул сизиң мағлыўматларыңызды ҳәм фотосүўретлериңизди ким кѳрип атырғанлығын бақлап барыўыңызды аңсатластырады.
  7. Интернетте биринши рет оқыған затлардың ҳәммесине де исенбең, басқа исенимли мақалаларды, дереклерди, веб-сайтларды ямаса адамлар билдирип атырған пикирлерди излеп табың.
  8. Сиз де басқалар сыяқлы, жеке турмысыңызға қол қатылмаслығы ҳуқықына ийесиз. Сиз де басқалардың социаллық тармақ аккаунтларына кирмеўиңиз ямаса ийелериниң рухсатысыз олардың телефон номерлеринен яки профиллеринен пайдаланбаўыңыз керек.
  9. Ѳсек сѳзлерди ямаса кемситиўши ҳәм бийәдеп хабарлар ҳәм сүўретлерди тарқатпаң. Сизге күлкили болып кѳринген затлар басқа бир адамның кеўлине тийиўи мүмкин.
  10. “Жибериў” түймесин басыўдан алдын жақсылап ойланып кѳриң, әсиресе қапа ямаса ашыўлы жағдайда болсаңыз. Сиз фотосүўрет ямаса видеоны социаллық тармақ (Фейсбук, Инстаграм, Тик-Ток) ямаса мессенджерлерде (Телеграм) жибергеннен кейин, олар менен не болыўын ҳәм оларды кимлер кѳриўин бақлап барыў ҳәм басқарыў жүдә қыйын болады ҳәм бул сиз күтпеген унамсыз, изге қайтара алмайтуғын ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Aldıng’ı Keyingi