Пул утыслары ҳаққында жиберилген хабарларды қабыллайсыз ба?
Пулыңызды алдаў жолы менен сизден урлап алыў жолларынан сақ болың!
Маған пул ямаса саўға утып алғаным ҳаққында биреўден хабар келди. Бундай жағдайда мен не ислеўим керек?
● Интернеттен пайдаланып туратуғын болсаңыз, сиз кѳп муғдарда пул, дем алысқа жоллама ямаса басқа, телефон сыяқлы, қандай да бир саўға утқаныңыз ҳаққында электрон почта арқалы хатлар ямаса текстли хабарларды қабыллаўыңыз мүмкин.
● Ямаса - гейде мынандай да хабарлар да болады, бул хабарларда, кимдур биреў ақшасын сақлап қалыў ушын сизиң жәрдемиңизге мүтәж екенлигин айтады.
● Әдетте, бул хабарлар сизден ѳзиңиз ҳаққындағы толық мағлыўматларды, мысалы, банктеги есап бетиңиз ямаса жеке гүўалығыңыздың номери сыяқлы мағлыўматларды кѳрсетиўиңизди сорайды.
● Бундай хабарлар жалған болып, ақшаңызды жалатайлық пенен урлаўдан басқа нәрсе емес.
● Ҳеш қандай таңлаў ямаса жарыста қатнаспай турып, утысқа ийе болыўыңыз мүмкин емес.
● Электрон почтасы арқалы бийтаныс адамлардан келген “басың” деген силтемени (ссылка, линк) баспаң.
● Парольлериңизди яки басқа жеке мағлыўматларыңызды (гүўалығыңыз номери, адресиңиз ямаса банк мағлыўматлары сыяқлы) жеке ѳзиңиз танымайтуғын адамларға бермең!