Социаллық тармақ арқалы сизге досласыўды усыныс етип атырған адам менен таныссыз ба?
Биреў маған социаллық тармақлардан досласыў усынысын жиберип атыр, бирақ бул адам маған бийтаныс. Мен не ислеўим керек?
● Айырым ўақытлары адамлар белгили бир социаллық тармақ шеңберин жаратыўды ямаса бир неше жаңа дос арттырыўды қәлейди. Сонлықтан, олар бийтаныс адамларға дос болыў усынысын жибереди.
● Усынысты қабыллаўдан алдын, дос болыўды усыныс еткен адамның профилине дыққат аўдарып, оның ким екенлигин түсиниўге ҳәрекет етиң. Оған ҳәм сизге ортақ дослар бар ма? Ол сиз бенен бир қалада жасай ма?
● Егер жеке мағлыўматларыңызды бул адам менен бѳлисиўге таяр емеспен деп есапласаңыз, усынысты қабылламағаныңыз мақул. Усыныстан бас тартыўға ҳеш қысынбаң.
● Егер ол адамды қәлемесеңиз, бул адам жеке мағлыўматларыңызды кѳре алмаўы ушын қупыялылық сазламаларыңызды кѳзден ѳткерип шығың.
● Соны да ядыңызда сақлаң, айырым ўақытлары адамлар ѳзлерин басқа адам етип кѳрсетип, негизи ким екенлигин жасырыўға ҳәрекет етеди.