незнакомец.jpg

Фотосүўретлеримди жибериў бойынша ѳтинишлерге қалай жуўап бериўим керек?

Сүўретти жибериўден алдын жақсылап ойланып кѳриң!

Мени қызықтырған қыз/жигит пенен таныстым, енди ол мениң айырым фотосүўретлеримди жибериўимди сорап атыр. Бул жақсы пикир екенлигине екиленип турман...

● Бир адамға фотосүўретлериңизди яки видеоларыңызды (ҳәр қандай түрдеги) жибергениңизден кейин, кейинирек сиз жиберген фотосүўрет ямаса видеоларыңыз бенен не болыўы мүмкин екенлигин улыўма қадағалай алмайсыз. Фотосүўрет ямаса видео интернет арқалы тез тарқалып кетиўи мүмкин.

● Сиз, әлбетте, бир адамға исениўиңиз мүмкин. Бирақ, тилекке қарсы, айырым ўақытлары – егер қатнасығыңыз тоқтаса, ортаңызда келиспеўшилик пайда болса ямаса телефоныңыз жат адам яки сизге ғәрез нийетте болған адамлардың қолына түсип қалса – сиз жиберген фотосүўретлер яки видеолар сизди қорқытыў яки кеўлиңизге тийиў қусаған мақсетлерде пайдаланылыўы мүмкин.

● Интернетте фотосүўретлер/видеолар жайластырылғаннан кейин, оларды ѳшириўдиң ҳеш илажы жоқ.

● Кейин ала ѳкиниўиңизге себепши болатуғын ислерди ислемең.

Aldıng’ı Keyingi