04.Safety Internet Teenagers-04

KИБЕРБУЛЛИНГ ДЕГЕНИМИЗ НЕ?

Kибербуллинг бул интернеттеги социаллық тармақларда шахс яки топар тәрепинен сизге көрсетилип атырған басым өткериў ҳәм ол түрли формаларда пайда болыўы мүмкин. Оның мазмунын жақсырақ түсиниў ушын тийкарғы түсиниклерди көрип шығайық. Егер "буллинг" реал турмыста қандай да бир инсанға физикалық ямаса руўхый зыян жеткериў мақсетинде әмелге асырылатуғын зорлық ҳәрекетлерин аңлатса, "кибербуллинг" де тап усындай, лекин, бул интернетте, яғный цифрли әлемде жүз береди. Тийкарғы мақсет— инсанды абырайсызландырыў ҳәм оған эмоционал түрде зыян тийгизиў есапланады.

Кибербуллинг — интернеттеги ҳәр қыйлы жәбирлеўши түрлерин өз ишине алыўшы улыўма атама болып табылады.

  • Kибермоббинг. Бул —интернетте хабарлар яки шолыўлар арқалы ҳүжим етиў. Mысалы, турпайы гәплерди жазыў ямаса унамсыз пикирлер билдириў.
  • Tроллинг. Tроллар қурбанды ғәзеплендирип, онда күшли сезим-туйғыларды оятыў ҳәм даў-жәнжеллерге тартыў мақсетинде финал бөлиминде  шолыўларды қалдырады. Буның менен инсанды қопал ҳәм кескин сөзлерди айтыўға мәжбүр етиўди гөзлейди, кейин болса бул сөзлерди оның өзине карсы қолланады.
  • Доксинг. Бул — қастан зыян жеткериў мақсетинде, жаман нийетли шахслар тәрепинен инсанның жеке мағлыўматларын (мәселен, мәнзил, телефон номери яки шаңарақлық мағлыўматлар) таўып, әшкара етиў жағдайы. Бул мағлыўматлар ашық дереклерден алыныўы яки аккаунтларды бузып кириў арқалы қолға киргизиўи мүмкин ҳәм нәтийжеде инсанға үлкен зыян жеткериў итималы бар.
  • Интернет-сталкинг. Бул — турақлы бақлаў, социаллық тармақларды турақлы қадағалаў, постлар ҳәм шолыўларды гүзетиў сыяқлы ҳүжим формасы. Сталкер, ҳәттеки  блокланғанынан кейин де, қурбаны менен байланысыўға урынады ҳәм оның интернеттеги искерлигин бақлаўды даўам етеди. Айырым пайытлары бул жағдайлар реал өмирде де қуўдалаўға алып келеди.
  • Интим шантаж. Агрессор қурбанының разылығысыз оның жеке материалларын (фото, видео,  постлар) тарқатыў яки шантаж етиў менен қорқытады. Бул көбинесе мүнәсибетлер бузылғаннан кейин яки жеке мағлыўматларды бузып кириў нәтийжесинде жүз береди.

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006 яки +998 71 202-09-09 (дүйшемби – жума күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем)
  • «Инсан» социаллық хызмет орайлары, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын психологиялық жәрдем хызмети: +998 71 2395920
  • Республика «Шаңарақ» орайы: +998 71 200-00-00
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы:+998 71 232-38-25
  • Балалар ушын исеним телефоны: +998 71 233-99-44
  • Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиң яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi