google.jpg

Okay Google? Жасалма интеллект қайсы тараўларға енгизилмекте?

Жасалма интеллект барған сайын күнделикли турмысымызға кирип баратырғаны ҳеш кимге сыр емес. Жасалма интеллектти пайдаланыўға бир неше мысаллар келтирип ѳтемиз:

  • Алдаўшылықты анықлаў. Қаржы тараўында хызметлер кѳрсетиў индустриясы жасалма интеллектен еки усылда пайдаланады. Кредит бойынша арзалардың дәслепки анализинде, жасалма интеллект кредитти тѳлеў имканиятларын анықлаўға жәрдем береди. Жасалма интеллект тараўындағы жетик шешимлер пластик карталар бойынша транзакцияларды реал ўақыт режиминде қадағалап барыўда ҳәм алдаўшылықты анықлаўда қолланылады.
  • Денсаўлықты сақлаў тараўында. Жасалма интеллект технологиясы маммография тийкарында кѳкирек бези рак кеселлигин ерте анықлаўда пайдаланылады.
  • Аўыл хожалығы тараўында. Аралықтан басқарып, зонд қойыўға тийкарланған жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде суўғарыўда нәтийжелилик ҳәм суўды үнемлеў асырылады. Сондай-ақ, жасалма интеллект топырақтың ҳәм аўыл хожалығы егинлериниң жағдайын мониторинг қылыўда ҳәм ѳсимликлердеги стресс жағдайының алдын алыўда қолланылады.
  • Транспорт тараўында. Жасалма интеллект жол ҳәрекети қәўипсизлигин қадағалайды, жоллардағы тығын жағдайларының алдын алады ҳәм қолайлы маршрутлар бойынша ҳәрекетлениўди тәмийинлейди.

Адамзат жаңа дәўирге қәдем тасламақта. Ѳмиримиз барған сайын басқарыўшылардан бийғәрез болып бармақта. Адам ѳз билим ҳәм кѳнликпелерин жасалма интеллектке жеткерип бермекте. Ал, екинши бир адамлар жасалма интеллект жәрдеминде бул билим ҳәм кѳнликпелерден пайдаланып бармақта.

Келешегимизди ѳзлеримиз қәлиплестиремиз. Бул арқалы эволюция процесси де ѳзгерип барады.

Aldıng’ı