Инсан типлери ҳәм оларға сай келетуғын кәсиплер: xaрактерге қарап кәсипти қалайынша таңлаў мүмкин?
Keлешек ҳаққында ойлар екенбиз, алдымызда әҳмийетли сораў турады: қайсы кәсипти таңлаў керек? Бул сораўға жуўап тек ғана қызығыў яки билимге емес, бәлким характериңизге де байланыслы. Себеби, ҳәр қыйлы кәсиплер ҳәр қыйлы сапаларды талап етеди ҳәм сизиң ишки қәсийетлериңизге сай келетуғын кәсипти таңлаў әҳмийетли болады.
Төменде шахстың типлери ҳәм ҳәр бир характер типине қайсы кәсиплер ең сай келиўи ҳаққында тоқтап өтемиз.
Шахс типлери дегенимиз не?
Шахс типлери – бул адамлардың әтираптағы дүньяға мүнәсибет билдириўи, басқалар менен сәўбетлесиўи ҳәм машқалаларды шешиўдиң түрли усыллары есапланады. Илимпазлар әллеқашан адамлар ҳәр қыйлы психологиялық қәсийетлерге ийе екенлигин атап өткен ҳәм усыған тийкарланып, бир неше шахс типлерин ажыратыў мүмкин. Бул типлер анаў яки мынаў адамға қандай кәсиплер сай келиўин түсиниўге жәрдем береди.
Шахс типлерин классификациялаў бойынша көплеген теориялар бар, бирақ, ең атақлыларынан бири Жон Холланд теориясы болып, ол адамлардың қызығыўлары ҳәм бейимлесиўине қарап алты шахс типлерине ажыратады. Келиң, бул қандай түрлер ҳәм оларға қандай кәсиплер сай келиўин көрип шығамыз.
Холландтың пикири бойынша алты шахс типи
- Реалистлик тип (S)
Минезлеме бериў: Бул типтеги шахслар қол менен услаўды, әмелият пенен шуғылланыўды, конструкциялаўды, қурылысты, оңлаўды жақсы көреди. Олар әмелиятшы болып, теория ҳәм абстрактлықты жақтырмайды.
Tийисли кәсиплер: қурылысшы, инженер, техник, шофёр, фермер, электрик, механик, уста, кепсерлеўши.
- Изертлеўши тип (I)
Минезлеме бериў: Бул адамлар машқалаларды анализлеўди, изертлеўди ҳәм шешимин табыўды жақсы көреди. Олар логикалық пикирлеўге бейим, илим үйрениўди, жаңа нәрселерди ойлап табыўды жақсы көреди. Бундай адамлар теорияға қызығады ҳәм көбинесе жалғыз өзи ислейди.
Tийисли кәсиплер: илимпаз, программист, математик, биолог, физик, инженер-изертлеўши, aналитик, эколог, химик.
- Дөретиўши тип (A)
Минезлеме бериў: Бул түрдеги адамлар жаңа ҳәм оргинал нәрселерди жаратыўды жақсы көреди. Олар бай фантазияға ийе, дөретиўшилик пикирлеўге мейил ҳәм көбинесе машқалаларды шешиўдиң дәстүрий емес усылларын излейди.
Сай кәсиплер: сүўретши, дизайнер, жазыўшы, музыкант, aктёр, архитектор, фотограф, стилист.
- Социаллық тип (S)
Минезлеме бериў: Бул түрдеги шахслар басқаларға жәрдем бериўди жақсы көреди, адамлар менен байланыслы тараўда ислейди. Олар тил табысқыш, тилеклес ҳәм басқалар менен аңсат келисип жумыс ислей алады. Әдетте олар жәмийетке пайда келтиретуғын жумысқа талпынады.
Сай кәсиплер: оқытыўшы, шыпакер, психолог, социаллық хызметкер, тәрбияшы, мәсләҳәтши, тренер, юрист.
- Исбилермен тип (E)
Минезлеме бериў: Олар басшылық етиўди, жуўапкершиликти өз желкесине алыўды ҳәм белгисизлик шараятында ҳәрекет етиўди жақсы көретуғын адамлар болып табылады. Олар ғайратлы, өзине исенген ҳәм басқа адамларға тәсир өткериў қәбилетине ийелик етеди. Сондай-ақ, тәўекел етиўди жақсы көреди ҳәм қаржылай табысқа умтылады.
Сай кәсиплер: исбилермен, менеджер, директор, маркетолог, сатыўшы, баслық, финансист, бизнес бойынша мәсләҳәтши.
- Басқарыўшы тип (C)
Минезлеме бериў: Бул адамлар мағлыўматлар менен ислеўди, шөлкемлестириў мәселелери менен шуғылланыўды, тәртип ҳәм логистиканы қадағалаўды абзал көреди. Олар детальларға итибарлы, тәртипли болады.
Tийисли кәсиплер: бухгалтер, aдминистратор, логист, хаткер, сатыўлар бойынша менеджер, режелестириўши, банк хызметкери.
Жуўмақ: Шахстың өз типин түсиниўи тек ғана кәсип таңлаўда жәрдем береди емес, бәлким келешекте табыслы мәртебе ушын тийкар болыўы мүмкин. Ҳәр бир инсан өзине тән. Соны ядта тутыў керек, "надурыс" яки "орынсыз" типлер жоқ - тийкарғысы, жумыс ислеўден қанаатланыў пайда етиў ҳәм ишки тилеклериңиз де қәбилетиңизге сай келиўи керек.
Усы билимлерден саналы рәўиште кәсип таңлаў да сизге қуўаныш ҳәм табыс келтиретуғын карьераны қурыў ушын пайдаланың.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)