Kaрьераның өсиўи: aмбициялар ҳәм имканиятлардың теңсалмақлылығы
Умтылыс ҳәм имканиятлар теңсалмақлылығы – бул өзиниң ҳақыйқый қәбилетлери ҳәм бар ресурсларды есапқа алған ҳалда жоқары мақсетлерге талпыныў қәбилети болып есапланады. Бул соны аңлатады, тек ғана амбицияларға ийе болыў ҳәм үлкен нәрселерди әрман етиў, бәлким өзиңизди ҳәдден тысқары зорықтырмастан ҳәм ҳақыйқый имканиятларды умытпастан, оларға ерисиў ушын қандай қәдемлер қойыўыңыз мүмкинлигин ақылға муўапық баҳалаўда әҳмийетли болып табылады. Төменде оқыў ҳәм кәсиплик мақсетлерди нәтийжели үйлестириўге жәрдем беретуғын бир неше усыныслар келтирилген:
- Ўақытты анық режелестириў.
Алдыннан режелестириң: Оқыў ҳәм карьера искерликлери (мәселен, әмелият яки жойбарларда қатнасыў) ушын ўақыт ажырататуғын кесте дүзиң. Үлкен ўазыйпаларды киширек ўазыйпаларға бөлиң, сонда олар сизди артықша жүклемейди.
Дем алыў ушын ўақыт ажыратың:Тек ғана жумыс ислеў ҳәм үйрениў емес, бәлким тиклениў ушын да ўақыт табыў әҳмийетли. Шаршаўдың алдын алыў ушын турақлы дем алыслар ҳәм дем алыўды режелестириң.
- Перспективаларды белгилеў.
Maқсетлериңизди түсиниў: Тап ҳәзирги пайытта сиз ушын не нәрсе әҳмийетлирек екенлигин анық белгилең – aкадемиялық жеңислер ме яки карьераның раўажланыўы ма? Бул жағдайға қарап перспективаларды белгилеўге жәрдем береди.
- Moтивацияны қоллап-қуўатлаў
Оқыў ҳәм карьера ушын мотивация: Оқыў ҳәм карьерада өзиңиз ушын анық ҳәм ерисиў мүмкин болған мақсетлерди белгилең. Жоқары дәрежедеги мотивацияны сақлап қалыў ушын усы мақсетлерди орынлаў, сизди қандай жетискенликке алып келиўин көз алдыңызға келтириң.
- Жумсақлық ҳәм бейимлесиўшилик.
Оқыў ҳәм жумысқа жантасыўлардағы бейимлесиўшилик: Айырым пайытлары билимлендириў мәкемелери ҳәм жумыс бериўшилер талапларына бейимлесиўге туўра келеди. Бул графикти яки ўазыйпаларды орынлаў усылын өзгерттириўди өз ишине алыўы мүмкин.
- Стрессти басқарыў.
Стресс дәрежесин пәсейттириў: Оқыў ҳәм карьера стресс дереги болыўы мүмкин, соның ушын оны басқарыўды үйрениў әҳмийетли. Спорт пенен шуғылланыў, медитация, йога ямаса саламатлығыңызды сақлаўға жәрдем береди.
Өзиңиздиң психо -эмоционаллық саламатлығыңызды умытпаң: Турақлы түрде дем алыў, жақынлар ҳәм досларыңыз бенен сәўбетлесиў, сондай-ақ, өз қызығыўшылықларыңызға ўақыт ажыратыў әҳмийетли.
Жуўмақ: Kaрьера амбицияларын академиялық миннетлемелер менен теңсалмақластырыў зийреклик, шөлкемлестириўшилик ҳәм машқалаларды шешиўге бейимлесиўшилик жантасыў қәбилетин талап етеди. Усы усынысларға әмел етсеңиз, билим ҳәм карьераңызды табыслы үйлестирип, ҳәр еки тараўда да табысқа ерисиўиңиз мүмкин.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)