21

Қалайынша өзиңизге унайтуғын кәсипти табыўыңыз мүмкин ҳәм кәсип таңлаўда не нәрселерге итибар бериў керек?

Kәсип таңлаў өмириңиздеги ең әҳмийетли қарарлардан бири болып есапланады. Дурыс таңлаў тек ғана Сизди қаржылай тәрептен қоллап-қуўатлайды, бәлким өз әрманларыңызды әмелге асырыў ҳәм жумыстан заўықланыў имканиятын береди. Лекин, бул процессте нелерге итибар бериў керек? Кәсип таңлаўыңызға жәрдем беретуғын тийкарғы қәдемлерди көрип шығамыз.

Өз қызығыўыңызды ҳәм Сизге не нәрсе унайтуғынын анализлең?

Ҳәр бир инсан өзине тән қәбилет ҳәм қызығыўларға ийе. Өзиңизге төмендегише: “Meн не ислеўди жақсы көремен? Meни қандай жумыс қызықтырады?” деген сораў бериң. Mәселен, егер Сизге сүўрет салыў яки санлы технологиялар менен шуғылланыў унаса, бул тараўлардағы кәсиплер ҳаққында ойлап көриң. Сондай-ақ, Өзбекстанда ҳәзирги күнде жедел раўажланып атырған  IT, медицина яки аўыл хожалығы сыяқлы жергиликли базарда талап жоқары болған бағдарларды анализ етиўиңиз мүмкин.

  • Mийнет базарын үйрениң

Бүгинги күнде кәсипке болған талап өзгерип бармақта. Айырым кәсиплер ескирмекте, айырымлары болса, керисинше, жаңа технологиялар себепли раўажланбақта. Бул билимлер, Сизге дурыс кәсип таңлаўыңызға жәрдем береди.

  • Өзиңиздиң күшли ҳәм әззи тәреплериңизди билип алың.

Ҳәр бир кәсип белгили көнликпелерди талап етеди. Мәселен, шыпакер болыў ушын анық билимлер ҳәм қатаң таярлықлар көриў керек,  дизайнер ушын болса дөретиўшилик қәбилетлер әҳмийетли. Өзиңиздиң күшли ҳәм әззи тәреплериңизди анықлаўыңыз кәсип таңлаўда қәтелерге жол қоймаўға жәрдем береди яки өзиңиздеги әҳмийетли пазыйлетлерди раўажландырыў мүмкиншилигин береди.

  • Профессионаллар ҳәм устазлар менен мәсләҳәтлесиң

Сизди қызықтырып атырған тараўда жумыс ислеп атырған тәжирийбели қәнигелер менен сәўбетлесиў пайдалы саналады. Олар Сизге интернетте табылмайтуғын унамлы ҳәм унамсыз тәреплери ҳаққында анық мағлыўмат бериўи мүмкин. Бундай мәсләҳәтлер анық тәжирийбеге тийкарланғанлығы себепли, таңлаған бағдарыңыз Сизге сай келиўин анығырақ түсиниўиңизге жәрдем береди.

Kәсип таңлаўда ең тийкарғысы – өзиңиздеги түсиниў ҳәм өз имканиятларыңызды жетерли дәреже де баҳалай алыў. Бул мәсләҳәтлер Сизге керек қарар қабыл етиўге жәрдем береди. Ядыңызда болсын, кәсип-бул былайынша жумыс емес, бәлким жәмийетке үлес қосыў ҳәм өзиңизди аңлаў жолыңыз болып табылады!

Taлап жоқары болған кәсиплер ҳаққында толық мағлыўмат алыў ушын Өзбекстандағы кәсипке бағдарлаў бойынша билимлендириў порталлары ҳәм ресурсларынан пайдаланың.

https://kasb.maktab.uz

http://profnavigator.uz/

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Keyingi