21

Mектеп оқыўшылары LinkedIn’нен карьера ушын қандай пайдаланыўы мүмкин?

LinkedIn – бул мектеп оқыўшыларына карьера ислеў, кәсиплик байланысларды раўажландырыў ҳәм қызыққан қәсиплерин үйрениўди баслаўға жәрдем беретуғын күшли қурал болып саналады. Жас өспиримлер ушын нәтийжели LinkedIn профилин жаратыў бойынша бир неше қәдемлер ҳәм усыныслар:

  • Профессионал профилин жаратың:
  • Тийкарғы бөлимлерди толтырың:

Toлық атыңызды көрсетиң (лақапсыз).

Сапалы сүўрет қосың (нейтрал фондағы портрет).

Қызығыўшылығыңыз баянланған мақала жазың: "Жоқары класс оқыўшысыман IT ҳәм программаластырыўға қызығаман".

  • Қысқаша резюме жазың:

Өз карьера мақсетлериңиз, сүйикли шынығыўларыңыз ҳәм сийрек ушырасатуғын пазыйлетлериңиз ҳаққында айтып бериң.

Mәселен: "Биология ҳәм медицинаға қызығыўшы жоқары класс оқыўшысы. Әмелият өтиў ҳәм илимий жойбарларда қатнасыў имканиятларын излеп атырман."

  • Tәжирийбе ҳәм жетискенликлериңизди қосың:

Волотёрлық жойбарлары, мектептиң илажлары, таңлаўлар ҳәм олимпиадаларда қатнасқаныңызды көрсетиң.

  • Профессионал тармаққа жалғанып алың.
  • Taнысларыңызды киргизиң:

Дослар, устазлар ҳәм тренерлерден баслаң.

Өзиңиз қызыққан кәсип ийелери менен байланысың.

  • Koмпания ҳәм шөлкемлерди бақлап барың:

Университетлер, компаниялар ҳәм стартаплардың жаңалықларын бақлап барыў ушын олардың силтемелерине жазылың.

Профессионал жәмийетшиликлерге (топарларға) қосылың.

  • Илажлар арқалы байланыслар орнатың:

Профессионаллар тәрепинен шөлкемлестирилген онлайн вебинарларда қатнасың.

  • Kәсиплер ҳәм имканиятларды үйрениң.
  • Қәнигелерден үйрениң:

Сизди қызықтырған тараўда ислейтуғын адамлардың профиллерин табың. Олардың карьера жолын үйрениң.

  • Әмелият ҳәм жойбарларды излең:

Kөплеген компаниялар LinkedIn’де баслаўшылар ушын әмелият яки мектеп оқыўшылары ушын жойбарларды орналастырады.

  • Tрендлерди бақлап барың:

Қәнигелердиң постларын оқып, тараўыңызда қандай көнликпе ҳәм билимлер талап етилиўин түсинип алың.

Даўамын кейинги мақалада оқыйсыз.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi