13

Mектепте кәсип таңлаўға қандай таярлық көриў керек?

Көпшилик адамлар карьераға жол билимлендириў мәкемесин питкергеннен соң басланады, деп ойлайды, бирақ негизинде барлығы әдеўир алдын – мектепте, шаңарақта басланады. Бул бизиң қызығыўларымызға, тилеклеримизге ҳәм өмирде көретуғын үлгилеримизге байланыслы. Мектеп тек билим алыў емес, бәлким өз-өзин түсиниў, көнликпе ҳәм қызығыўларды раўажландырыў ушын өзине тән имканият саналады. Төменде сизлер ушын кәсипти саналы рәўиште таңлаўда жәрдем беретуғын бир неше усыныслар келтирилген:

  • Mектеп пәнлерин қызығыў менен үйрениң

Ҳәр бир мектеп пәни келешектеги қызығыўларыңыз ҳаққында мағлыўмат бериўи мүмкин:

✔ Maтематика ҳәм физика инженерлик, технология яки пән тараўындағы кәсиплерге жол ашыўы мүмкин.

✔ Әдебият ҳәм тарийх - жазыўшылық, журналистика, оқытыўшылық яки илимий-изертлеўшилик искерлиги менен байланыслы болған кәсиплерге.

✔ Химия ҳәм биология - медицина, фармацевтика яки  экологиялық қәнигеликлерге.

Сизге ең аңсат болған яки көбирек қызығатуғын предметлерге итибар бериң. Бул сизиң биринши бағдарыңыз болыўы мүмкин.

  • Жойбарда ҳәм изертлеў жумысларында қатнасың Mектептеги жойбарларда ҳәм илимий- изертлеў жумысларында қатнасыў ҳақыйқый кәсиплик искерлик қалай ислейтуғынын түсиниў ушын әжайып имканият есапланады:

✔ Илимий таңлаў ҳәм олимпиадаларда қатнасың

✔ Mектептеги түрли илажларда қатнасың

✔ Жойбарластырыў, бағдарламалаў яки шөлкемлестириў мәселелери сыяқлы реал өмир менен байланыслы әмелий машқалаларды шешиўде өз күшиңизди сынап көриң.

Жойбар иси пайдалы көнликпелерди раўажландырыўға мәселен: критикалық пикирлеў, команда да ислеў ҳәм өз жумысыңызды шөлкемлестириў қәбилетиңизге жәрдем береди.

  • Жаңа искерлик ҳәм әмелиятларды сынап көриң. Сизге не нәрсе унаўын билиў ушын түрли бағдарларды сынап көриўден қорқпаң:

✔ Mектеп театр спектакллеринде, спорт жарысларында яки жойбарларында қатнасың.

✔ Дөретиўшилик қәбилетлериңиз ямаса жетекшилик сыпатларыңызды раўажландырыўға жәрдем беретуғын таңлаўларда қатнасың.  

✔ Усы әмелиятлар сизге ҳәр қандай кәсипте зәрүр болған көнликпелерди раўажландырыўға ҳәм сизге ең жақын болған нәрсени анықлаўға жәрдем береди.

Жуўмақ

Kәсипке жол ҳақыйқаттанда мектепте басланады ҳәм ҳәр бир оқыўшы өз қызығыўлары ҳәм көнликпелерди раўажландырыў арқалы өз жолын табыў имканиятына ийе. Тийкарғысы – жаңа нәрселерди сынап көриўден қорқпаў, өзиңиз ушын түрли тараўларды жаңадан ашыў ҳәм өз қызығыўшылықларыңызға қулақ салыўды умытпаўымыз лазым. Раўажланың, адамлар менен пикирлесиң, өзиңизди түрли роллерде сынап көриң ҳәм сиз, әлбетте, қанаатланыў ҳәм заўық келтиретуғын кәсибиңизди табасыз.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi