Жоқары оқыў орнына кире алмаған болсаңыз не ислеў керек: мәсләҳәтлер
Ҳәр жылы мыңлаған жаслар университетке кириў менен байланыслы тәсирлер ҳәм толқынланыўға дус келеди. Лекин, өкинишке бола базы да әрманлар дәрҳал әмелге аспайды. Сәтсизликтен қорқыў — бул әдеттеги жағдай. «Егер оқыўға кире алмасам-ше?» яки «Бюджетке кире алмасам, оқыў ушын пулды қалай төлеймен?». Тийкарғысы — тынышсызланыўға түспеў. Бул жолдың ақыры емес, бәлким жаңа басқыштың басланыўы шығар.
- Қәтержамлықты сақлаң. Бул жағдай оғада аўыр екенлиги түсиникли, лекин, илажы болғанынша албырамаң. Kөплеген табыслы инсанлар да усындай қыйыншылықларды жеңип өткенин ядыңыздан шығармаң. Мысалы, Ал Пачино Нью-Йоркдағы актёрлық студиясына биринши урыныўда оқыўға кире алмаған, бирақ, кейнинен ол дүньяға атақлы актёр болып танылды ҳәм көплеген сыйлықлар ийесине айланды. Жоан Роулинг болса Оксфорд университетине кире алмаған. Лекин, жазыўшылықтың арқасынан табысқа ерискен.
Тийкарғысы — жеңилгенди мойынламаў керек. Егер қандай да бир нәрсе әмелге аспаған болса, бул жоллар жабылғанын аңлатпайды.
- Өз ишки кеширмелериңизди додалаң.
Сезимлериңизди ишиңизде сақламаң. Ата-анаңыз яки досларыңыз бенен сәўбетлесиң—олар сизге сезим-туйғыларыңызды жеңиўге жәрдем береди ҳәм жағдайға басқаша көз бенен қараў имканиятын береди. Айырым пайытлары психолог пенен сәўбетлесиў де зыят болмайды. Бул сезим-туйғыларыңызды түсиниў ҳәм стрессти жеңиўде жәрдем береди. Қыйын мәўритлерде жәрдем сораў— бул нормал жағдай.
3.Қәтелерди анализ етиң. Сәтсизлик — бул режелериңизди қайтадан көрип шығыў имканияты болып табылады. Бәлким, келеси жылда тәкирар кириў ушын жақсырақ таярлық көриў яки басқа университет ҳәм бағдарламаларды көрип шығыў керек шығар.
- Альтернативалы усылларды көрип шығың.
Оқыўға кириўде сәтсизликке ушыраў жаңа нәрсени сынап көриў имканияты болыўы мүмкин. Сиз курсларда оқыўыңыз, жумыс ислеўди баслаўыңыз яки волонтёр болыўыңыз мүмкин. Бул сизге жаңа билим береди ҳәм кейинги басқышқа таярлайды.
- Өзиңизге исениўди умытпаң.
Өмир бир сәтсиз тәжирийбе менен жуўмақланбайды Ҳәр қандай қыйыншылық — күшлирек болыў имканияты саналады. Сәтсизлик — ўақтыншалық қыйыншылық болып, оны жеңиўге болады. Тийкарғысы — өзиңизге исениң, жәрдем сораўдан уялмаң ҳәм өзгерислерден қорқпаң. Кишкене қәдемлер менен болса да алдыға умтылсаңыз, ҳәмме нәрсеге ерисиўиңиз мүмкин.
Ядыңызда болсын: Өмир тек бир имтихан яки бир оқыўға қабыл етилиўден ибарат емес. Тийкарғысы — өзиңизге исениў ҳәм жаңа имканиятларды излеў әҳмийетли болады. Усы сәтсизлик Сиз ушын жаңа жеңислерге қарап ашылған жол болсын!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)