03

Перзентиңиз жоқары оқыў орнына кире алмаған болса не ислеў керек?

Оқыўға кириўдеги сәтсизлик тек ғана жас өспирим ушын  емес, бәлким оның ата-анасы сыпатында сиз  ушын да ҳақыйқый сынаў болыўы мүмкин. Бул жағдай тынышсызланыў ҳәм стрессти келтирип шығарады: бундай  қыйын пайытта перзентиңизди қәйтип қоллап–қуўатлаўыңыз мүмкин? Соны ядта тутыў керек, университетке биринши урыныўда кире алмаў — бул ақырғы жуўмақ дегени емес, бәлким жеңип өтиўге болатуғын ўақытша тосқынлық болып есапланады. Перзентиңизди бул пайытта қоллап-қуўатлаўға жәрдем беретуғын бир неше әпиўайы мәсләҳәтлер:

  1. Оны қоллап-қуўатлаң. Бундай жағдайда перзентиңиз әсиресе, ата-анасының жәрдемине мүтәж болады. Қапа болыўдың орнына, оған қасында екенлигиңизди ҳәм оның қәбилетлерине исенетуғыныңызды көрсетиң. Оның менен кейинги қәдемлерин, мақсетлерин оның менен бирге додалаң. Бул жағдай соңғысы емеслигин айтың ҳәм бул тәжирийбе басып өтетуғын басқыш екенлигин түсиниўине жәрдем бериң.  Сизиң унамлы мүнәсибетиңиз оған бул жағдайды жеңип өтиўге жәрдем береди.
  2. Тәнепис ҳаққында ойлап көриң. Gap year — бул әдетте мектепти тамамлап, университетке кириў арасындағы бир жыллық тәнепис алыў дегенди билдиреди. Перзентиңиз бул ўақыттан әмелият, жумыс  яки волонтёрлық ушын пайдаланыўы мүмкин. Бул оған дем алыўға, тәжирийбе арттырыўға ҳәм өз әрманларын түсиниўге, соның менен бирге кейинги урыныўға таярланып алыўға жәрдем береди.
  3. Альтернативалы билимлендириў имканиятларын излең. Перзентиңиз университетке оқыўға кире алмаған жағдайда онлайн курслар яки кәсип-өнер колледжлери сыяқлы басқа билимлендириў вариантларын сынап көриўи мүмкин. Бул оған пайдалы көнликпелерди ийелеў ҳәм келеси жылы оқыўға кириўге таярлық көриў, сондай-ақ, келешекте қандай бағдарда шуғылланыўды қәлейтуғынын жақсырақ түсиниў имканиятын береди.
  4. Оның өзине исениўине жәрдем бериң. Перзентиңиздиң исенимин қоллап-қуўатлаў жүдә әҳмийетли. Сәтсизликке итибар бериўдиң орнына, оған жаңа имканиятларды табыўға жәрдем бериң. Сизиң қоллап-қуўатлаўыңыз ҳәм оның қәбилетлерине болған исенимиңиз оған келешек алдындағы қорқыўды жеңиўге ҳәм бул тәжирийбени өсириў ҳәм раўажланыў ушын жаңа  имканият сыпатында қабыллаўға жәрдем береди.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi