Қалайынша бир неше қызығыўшылықты бир кәсипке бирлестириў мүмкин?
Kәсип таңлаў аңсат ис емес, әсиресе, бир ўақыттың өзинде бир неше қызығыўыңыз болса. Бәлким сизде де дөретиўшиликке, исбилерменликке қызығыў болып, олардың биринен бас тартыўды қәлемессиз? Төменде ҳәр қыйлы қызығыўларды бирлестириўге жәрдем беретуғын бир неше усыныслар келтирилген.
- Өзиңизге сай кәсиплерди излеп табың.
Айырым кәсиплерде ҳәр қыйлы бағдарлардағы қәбилетлер сай келеди. Мәселен, егер сиз көркем өнер ҳәм бизнеске қызықсаңыз, маркетинг, дизайн яки реклама тараўында жумыс ислеў ҳаққында ойлаўыңыз мүмкин. Усы бағдарларда өз дөретиўшилик идеяларыңызды да, бизнес жүргизиў көнликпелеринде қоллаў имканияты пайда болады.
- Қосымша қәнигеликти ойлап табың
Бир кәсипти тийкарғы бағдар сыпатында таңлап, екиншисин қосымша қәнигелик сыпатында раўажландырыў мүмкин. Мәселен, сиз бизнес пенен шуғылланыўыңыз ҳәм бир ўақыттың өзинде көркем өнер курсларына барыўыңыз мүмкин. Бул арқалы ҳәр еки тараўды раўажландырып, келешекте оларды бирлестириўдиң жаңа жолларын излеп таба аласыз.
- Исбилерменлик жолынан барыў ҳаққында ойлап көриң.
Егер сиз шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе болсаңыз, еки мәпиңизди де қамтып алатуғын өз жойбарыңызды жаратыўыңыз мүмкин. Мысал ушын, егер сиз көркем сүўретлеў өнери ҳәм исбилерменликке қызықсаңыз, көркем өнер галереясы яки онлайн дүкан ашып ол жер де өз шығармаларыңызды сатыўыңыз мүмкин.
Eң әҳмийетлиси, дәстүрий емес шешимлерден қорқпаң. Өз қызығыўшылығыңызға садық болып қалыў ҳәм оларды толық қоллап-қуўатлаў имканиятын беретуғын кәсипти таңлаң!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)