Жоқары оқыў орнына кире алмадыңыз ба? "Tәнепис жылы"н қалай пайдалы етип өткериў мүмкин?
Kөпшилик мектеп питкериўшилери ушын жоқары оқыў орнына кириў — жаңа имканиятлар ҳәм үмитлер менен байланыслы болған әҳмийетли басқыш есапланады. Бирақ, оқыўға кире алмағаныңызда не ислеў керек? Сезимлер әпиўайы болмаўы мүмкин: стресс, тынышсызланыў ҳәм үмитсизлик.
Лекин, билесиз бе, бул жолдың ақыры емес, бәлким өзиңизди жақсырақ түсиниў ҳәм жаңа басқышларға таярлық көриў ушын бир тәнепис алыў имканияты деп қабыллаң.
Бундай жағдайдан шығыў жолларынан бири gap year — яғный "тәнепис жыл"ын алыў. Бул қандай тәнепис ҳәм сизге қандай пайда келтириўи мүмкин? Келиң, усыны көрип шығайық.
Gap year дегенимиз не?
Gap year — бул мектепти питкергеннен соң, дем алыў, жаңа нәрселерди сынап көриў ҳәм кейинги қәдемлерди түсиниў ушын тәнепис алыў болып саналады. Бундай тәнепис әлбетте, бир жыл даўам етиўи шәрт емес– ол бир неше ай да болыўы мүмкин, тийкарғысы, бул ўақыт пайдалы болып өтиўи керек.
Оқыўда тәнепис не ушын керек?
- Дем алыў ҳәм тиклениў. Mектептиң соңғы жыллары бәрқулла стресс: имтиханларға таярлық көриў, келешектеги кәсипти таңлаў, әтираптағылардың басымы. Gap year күшлерди тиклеў, уйқыны нормалластырыў ҳәм улыўма денсаўлық жағдайын жақсылаў имканиятын береди.
- Негизинде, не қәлеўиңизди түсиниўиңиз әҳмийетли. Егер кәсип таңлаўға қарар етпеген болсаңыз, тәнепис сизге өз қызығыўшылығыңыз ҳәм бейимлесиўиңиз ҳаққында ойланыў ушын ўақыт береди. Бул бағдарды таңлаўда қәтеге жол қоймаў ҳәм өзиңизге туўры келмейтуғын нәрселерди үйрениў ушын бир неше жылды босқа сарпламаў ушын тасланған айрықша қәдем болып саналады.
- Бул жаңа нәрсени сынап көриў имканияты. Сиз әмелият өтеўиңиз, волонтёрлық жойбарларында қатнасыў, дәслепки жумыс ислеў тәжирийбесин арттырыўыңыз яки ғәрезсиз билим алыўыңыз мүмкин. Бул сизге жаңа көнликпелерди ийелеўге ҳәм келешекте не нәрсе менен шуғылланбақшы екенлигиңизди жақсырақ түсиниўге жәрдем береди.
Gap yearди қалайынша пайдалы етип өткериў мүмкин?
● Стажировкадан өтиў. Ис ҳақы төленбейтуғын жумыс болса да, стажировка сизге өзиңизди қызықтырған тараў менен жақыннан танысыў ҳәм тәжирийбе арттырыў имканиятын береди.
● Волонтёрлық бағдарламаларында қатнасың. Волонтёрлық басқаларға жәрдем бериў, жаңа адамлар менен танысыў ҳәм саяхат етиўдиң әжайып усылы болып саналады.
● Keлеси жылда оқыўға кириўге таярлық көриў. Қай жерге оқыўға кирмекши екенлигиңизди билсеңиз, лекин, балларыңыз жетпеген болса, ўақыттан пайдаланып, қайтадан имтихан тапсырыўға пуқта таярлық көриўиңиз де мүмкин.
● Жумыс тәжирийбесине ийе болыў. Өзиңизди ҳәр қыйлы роллерде сынап көриң: баслық, сатыўшы, oфис жәрдемшиси. Бул сизге ғәрезсиз болыўыңызға ҳәм мийнеттиң қәдирин түсиниўиңизге жәрдем береди.
● Өз-өзин раўажландырыў менен шуғылланыў. Жаңа нәрселерди үйрениң: курсларға жазылың, жаңа көнликпелерди өзлестириң, унатқан нәрселериңиз бенен шуғылланың. Бул тек ғана қызығарлы емес, бәлким келешегиңиз ушын да пайдалы.
Gap year даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған қыйыншылықлар.
● Әтираптағылардың басымы. Ата-анаңыз яки досларыңыз сизиң бул қарарыңызды дәрҳал түсинбеўи мүмкин. Оларға өзиңиздиң себеплериңизди ҳәм усы ўақыттағы режелериңизди түсиндириўге ҳәрекет етиң.
● Ўақтыңыз ушын жуўапкершилик. Eнди күниңизди режелестириўиңиз ҳәм мақсетлер қойыўыңыз керек болады. Бул аңсат болмаўы мүмкин, лекин, ҳақыйқый ғәрезсизликке тап усылай ерисесиз.
● Белгисизлик қорқынышы. Белгисизлик қорқынышлы болыўы мүмкин, лекин, бул ўақытша екенин умытпаң. Бул ўақыттан өзиңизди ҳәм нени қәлейтуғыныңызды жақсырақ аңлаў ушын пайдаланың.
Биринши мәрте де оқыўға кире алмаўшылық — бул өмирдиң ақыры емес. Eң әҳмийетлиси, алдыңызда раўажланыў ҳәм өзиңизди көрсетиў ушын көплеген имканиятлар барлығын ядта сақлаў керек. Бир жыллық тәнепис негизинде өзиңиз нени қәлеўиңизди анықлаў ҳәм кейинги қәдемге таярлық көриў ушын әжайып имканият болыўы мүмкин. Тийкарғысы— түскинликке түспеў ҳәм бул ўақыттан өз мәпиңиз жолында үнемли пайдаланыўдан ибарат болып табылады.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)