11

Волонтёрлық: ол карьера ҳәм өмириңизди жақсылаўға қандай жәрдем береди?

Волонтёрлық (Ықтыярлы түрде) ҳәм класстан тысқары шынығыўларда қатнасыў  - бул тек ғана жәмийетке жақсылық ислеў ямаса ўақытты кеўилли өткериў усылы емес, бәлким карьера өсиўи ушын да керек факторлар есапланады. Төменде волонтёрлық ҳәм сабақтан тысқары жумыстың карьераңыз ушын бир неше тийкарғы абзаллықлары келтирилген:

  • Тийкарғы көнликпелерди раўажландырыў.

Волонтёрлық ҳәм класстан тысқары жойбарлар көбинесе илажларды шөлкемлестириў, команда да ислеў яки топарларды басқарыўды өз ишине алады. Бул тәжирийбе карьераның өсиўи ушын жүдә әҳмийетли болған жетекшилик көнликпелерин раўажландырыўға жәрдем береди.

Командалық жумыс: Kөплеген сабақтан тысқары илажлар ҳәм волонтёрлық жойбарларда сиз түрли адамлар менен ислесиўиңизге туўра келеди. Бул ҳәр қандай кәсиплик контекстте қәдирленетуғын нәтийжели сәўбетлесиў, шериклик ҳәм келиспеўшиликлерди шешиў көнликпелерин раўажландырыўға көмек береди.

Mашқалаларды сапластырыў: Волонтёрлық жойбарларында ислеў процесинде көбинесе күтилмеген жағдайларға дус келиўге туўра келеди. Бул машқалаларды тез ҳәм нәтийжели сапластырыў қәбилетин раўажландырады.

  • Жеке өсиў ҳәм өзине исеним.

Өзине исеним: Волонтёрлық ҳәм класстан тысқары жойбарларда қатнасыў, әсиресе, қыйын ўазыйпаларды шешиўге ямаса керек нәтийжелерге ерискениңизде, өз күшиңизге болған исенимди раўажландырыўға жәрдем береди.

Mийнеттиң қәдир-қымбатын ҳәм әҳмийетин түсиниў: Волонтёрлық өзи ҳәм басқалардың ҳәрекетлерин қәдирлеўди үйретеди, социаллық жуўапкершилик ҳәм жәмийеттеги ролин түсиниўге жәрдем береди.

Волонтёрлықты қалайынша баслаў мүмкин:

Өзиңизди қызықтырған жойбарларды табың (экология, социаллық жәрдем, ҳайўанлар менен ислесиў).

Сиз ажыратыўға таяр болған ўақтыңызды белгилеп алың.

Не нәрсени үйренбекши екенлигиңизди ҳәм бул тәжирийбе келешекте қандай көмек бериўин ойлап көриң.

Волонтёрлық тек ғана жәмийетке үлес қосыў, бәлким өз кәсиплик ҳәм жеке пазыйлетлерин жақсылаў жолындағы керек қәдем есапланады. Ол жаңа имканиятлар есигин ашады, карьера қурыўға жәрдем береди ҳәм өмириңизди мазмунлы етеди.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi