04

Қалайынша кәсип таңлаўда қәтелерден қашыў мүмкин ?

Kәсип таңлаў ҳәр бир инсан ушын өмириндеги ең әҳмийетли қарарлардан бири болып есапланады. Бул қарар сизиң келешегиңизге, өмирден заўықланыўыңызға ҳәм карьераңызға тәсир етеди. Кәсип таңлаўдағы қәтелер болса қанаатланбаўшылық, стресс ҳәм ҳәттеки кәсибинен суўыўшылыққа алып келиўи мүмкин. Төменде жаслар арасында кәсип таңлаўда тез-тез ушырасып туратуғын айырым қәтелер ҳәм олардың алдын алыў бойынша мәсләҳәтлер келтириледи.

  • Дослар изинен ериў

Kөбинесе жаслар дослары яки класласлары менен бир қыйлы кәсипти таңлайды. Бул бәрқулла дурыс болып шықпайды, себеби, ҳәр бир инсанның өз қызығыўлары, қәбилетлери ҳәм күшли тәреплери бар. Соның ушын, кәсип таңлаўда досларға емес, жеке мәплерге итибар қаратыў керек.

  • Тек дәрамат ушын таңлаў

Егер сиз кәсипке тек дәрамат дереги сыпатында қарасаңыз, келешекте сиз жумыстан реал қанаатланбаўыңыз мүмкин. Қаржылай жәрдем әҳмийетли, бирақ, сиз өзиңизге "Meн ҳақыйқаттанда бул тараўда жумыс ислеўди ҳәм раўажланыўды қәлеймен бе?" деген сораўды бериң. Сонда ғана сиз өз кәсибиңизден ҳақыйқый қанаатланыўыңыз мүмкин.

  • Ата-аналар ҳәм жақынларыңыз басымына ушыраў

Бул бойынша ата-ана ҳәм жақынларыңыздың пикири әҳмийетли, лекин кәсип таңлаў – бул жеке қарарыңыз. Айырым пайытлары әтирапыңыздағылардың басымы сизиң әрман ҳәм мақсетлериңизге сай келмейтуғын жолды таңлаўға мәжбүр етеди. Ҳақыйқаттанда сизге сай келетуғын бағдарды таңлаў ушын өзиңизге қулақ салың. Ата-анаңыз бенен ашық-айдын сөйлесиң, не ушын ол яки бул жумыс сиз ушын әҳмийетлилигин түсиндириң. Усы кәсипти таңлаўда сизиң абзаллықларыңызды түсиндириўге ҳәрекет етиң.  

  • Kәсип талапларын түсинбеўшилик

Kөплеген кәсиплер бөлек көнликпе ҳәм сапаларды талап етеди. Мәселен, медицинада жумыс ислеў ушын сабыр етиў, шыдамлылық ҳәм өзгелерди қоллап-қуўатлаў қәбилети жүдә әҳмийетли, программист кәсиби болса, аналитикалық пикирлеўди талап етеди. Таңланған кәсип сизге сай келиўин түсиниў ушын талаплар ҳаққында алдыннан билип алың.

Үмит етемиз, усынылған барлық мағлыўматлар сизге пайдалы болады ҳәм кәсип таңлаўда қәтелерге жол қоймайсыз. Ең әҳмийетлиси-келешектеги ҳақыйқый бахытты сизге алып келетуғын пуқта ойланған ҳәм саналы таңлаў болып есапланады!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi