Лидерликте унамлы пикирлеў күши
Унамлы пикирлеў – нәтийжели лидерликтиң әҳмийетли тәрепи . Бул тек қыйыншылықларды жеңиўге жәрдем береди, бәлким әтираптағыларды илҳамландырыў ушын да хызмет етеди. Төменде жаслар ушын унамлы пикирлеўди лидерликте қолланыў бойынша бир неше мәсләҳәтлер келтирилген:
Илҳамландырыўшы мақсетлер қойың.
Maқсетлериңизди сондай етип қәлиплестириң, олар мотивация ҳәм илҳам оятсын.
Шешимлерге итибар қаратың.
Mашқалаларға емес, олардың шешимлерине итибар қаратың. Бул оптимизмди сақлаўға ҳәм командаңызды илҳамландырыўға жәрдем береди.
Команданы қоллап-қуўатлаң.
Сизиң мүнәсибетиңиз әтираптағыларға тәсир етеди. Унамлы пикирлериңизди бирге бөлисиң, басқалардың табысларын мақтаң ҳәм қыйын мәўритлерде олар ушын таяныш болың.
Сәтсизликлерден сабақ алың.
Қәтелерди раўажланыў имканияты сыпатында қабыллап алың. Бул сиз ҳәм командаңызды және де шыдамлы ҳәм күшли етеди.
Mиннетдаршылық сезимин раўажландырың.
Өмириңиздеги ҳәм командаңыздағы унамлы жағдайларды турақлы түрде белгилеп барың. Бул улыўма кейпиятты жақсылап, өз ара түсинисиў орталығын жаратады.
Унамлы пикирлеў күши сизге тек ғана нәтийжели, бәлким илҳам бағышлаўшы лидер болыўға жәрдем береди. Итибарыңыз ҳәм мүнәсибетиңиз командаңыздағы орталыққа сезилерли дәреже де тәсир етеди. Өзиңизге ҳәм командаңызға исениң– бул ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңип өтиўге жәрдем береди!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)