18

Басқаларға қандай мотивация бериў ҳәм илҳамландырыў мүмкин?

Лидер болыў — бул "буйрық бериў" емес, бәлким ҳәр бир адамның қәбилетлерин ашыўға жәрдем бериў ҳәм оларды керек нәрсениң бир бөлими сыпатында сезиў болып табылады.

  1. Өрнек бол. Адамлар сөзи менен иси бир болған инсанлардың изине ереди. Егер командаңыз белсенди болыўды қәлесеңиз, алдын өзиңизден баслаң. Командалық жумыс сиз ушын әҳмийетлилигин көрсетиң ҳәм басламашы болың.
  2. Tыңла ҳәм қоллап-қуўатла. Команда да ҳәр бир ағза өзине тән ҳәм өз идеяларына ийе. Лидер басқалардың пикирин ҳүрмет пенен тыңлаўы ҳәм қәдирлеўи керек. Адамлар олардың пикири еситилип атырғанын сезгенде, олар биргеликте ислесиўге көбирек умтылады.
  3. Aнық мақсетлерди қой. Анық мақсетлер командаға қай жерге талпыныў кереклигин түсиниўге жәрдем береди. Улыўмалық сүренлерден көре, нени, қашан ҳәм қандай етиў кереклигин анық айтып бер.
  4. Жетискенликлерди мақтаң. Табысларды итибарсыз қалдырмаң. Maқтаў адамларды және де көбирек ҳәрекет етиўге илҳамландырады.
  5. Исеним орталығын жаратың. Егер команда да ҳүрмет ҳәм сыйласық бар болса, адамлар өзлерин исенимли сезинеди. Ҳәр бир ағза өз пикирлерин ашық билдириўден қорықпайтуғын мүнәсибетлерди жаратың.
  6. Жуўапкершиликли болыў. Ўазыйпаларды команда ағзаларына бөлистиргениңизде, сиз оларға исенип атырғаныңызды көрсетесиз. Бул басқалардың көбирек жуўапкершиликти алыўына болған қызығыўшылықты асырады.
  7. Басқалардың ўақтын ҳүрмет етиң. Командаңыз имканиятларын есапқа алың. Бул жумыс ҳәм дем алыў арасындағы тең салмақлылықты сақлап турыў ушын оғада әҳмийетли.

Ҳақыйқый лидер усындай шараятларды жаратады, ҳәр бир ағза өзин керекли, исенимли ҳәм алдыға қарай қәдем таслаўға таяр екенлигин сезинеди. Өзиңиз ҳәм көнликпелериңиз үстинде ислеген ҳалда, командаңызды күшли ҳәм табыслы ете аласыз.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi