Бала-лидер менен қалайынша пикирлесиў керек?
Жас өспиримлик дәўири (12-15 жас) — бул балалар ушын үлкен өзгерислер ҳәм сезимлер тәжирийбелери дәўири. Бул дәўирди көбинесе "өтиў дәўири" деп атайды, себеби, жас өспиримлерди түсиниў аңсат емес. Лекин, бул ержетиўдиң тәбийғый бөлими ҳәм “сен ерси бала екенсең” сыяқлы сөзлер тек жағдайды қыйынластырып, жас өспиримниң өзгерислерден қорқыўын күшейттиреди.
- Дәрҳал жазаламаң. Егер бала үйде яки мектепте "басқарыўға" ҳәрекет етсе, оны дәрҳал жазалаў керек емес. Бул оның жаўыз болыўына алып келиўи мүмкин. Буның орнына, бала менен сыйласықлы мүнәсибетте болың ҳәм оның идея ҳәм ҳәрекетлерине қызығыўшылық билдириң. Сонда ол өзи келисим орнатыўға таяр болады.
- Kөбирек пикирлесиң. Жас өспирим менен көбирек сөйлесип, оны өз пикирлери менен бөлисиўге үйретиң. Егер қәте ислесе оны критикаламаң. Оған не ушын ҳәм қалайынша дурыс ислеў кереклигин түсиндириң. Сонда ол сизге исенеди ҳәм гәпиңизге киреди.
- Тийкарғысы — баланы түсиниў. Егер сиз оған базы да қәте ислеў мүмкинлигин түсиндирсеңиз ҳәм оны айыпламасаңыз, бәлким жәрдем бермекши екенлигиңизди көрсетсеңиз, оның лидерлиги шаңараққа пайдалы ҳәм унамлы болады.
Лидерди тәрбиялаў ушын баланы қадағалап барыў шәрт емес. Әҳмийетлиси, оған дос ҳәм тренер болыў, пикирлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў керек. Сонда перзентиңиз келешекте үлкен табысларға ерисип, сизден миннетдар болады.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)