Команда да келиспеўшиликлерди унамлы шешиў ҳәм пикир таласы мәселесин қалайынша сапластырыў керек?
Келиспеўшиликлер — бул өмирдиң тәбийғый бир бөлими, әсиресе, ҳәр бир команда да ҳәр бир адамның өз пикири ҳәм өзине тән қәсийетлери болады. Лидер — бул тек ҳәммени изине ерте алатуғын инсан емес, бәлким команда менен ислесе алыў, дослық орталығын қоллап-қуўатлаў ҳәм мүмкин болған тартыслы мәселелерди нәтийжели шешиўди билетуғын адам болыўы керек.
Mине, команда да келиспеўшиликлерди шешиў ушын жас өспиримлер ушын бир неше мәсләҳәтлер:
Белсендилик пенен тыңлаң.
Ҳәр бир қатнасыўшының пикир ҳәм сезим-туйғыларын тыңлаў мүмкиншилигин бериң. Бул даў-жәнжеллердиң себеплерин түсиниўге жәрдем береди ҳәм сиз командадағы ҳәр бир ағзаның пикирин қәдирлейтуғыныңызды көрсетеди.
Қәтержамлықты сақлаң.
Өз сезим-туйғыларыңызды басқарың ҳәм тынышлықты сақлаң. Лидер тыныш болғанда, бул әтирапдағылар ушын қәўипсиз орталықты жаратады ҳәм олар ашық-айдынлық орталығында сөйлесип алыўлары мүмкин.
Улыўмалық мақсетлерди излең.
Ҳәр еки тәрепти не нәрсе бирлестирип атырғанын анықлаң. Улыўмалық мәплерди түсиниў, барлық тәреплер ушын қанаатландырарлы болған шешимге итибар қаратыўға жәрдем береди. Мәселен, егер даўлар жойбар бойынша түрли жантасыўлар себепли жүзеге келген болса, улыўмалық мақсет жумысты табыслы жуўмақлаў болыўы мүмкин.
Шешимге итибар қаратың.
Aйыплаўдан қашың, себеби, бул қатнасыўшыларда ренжиў яки өзин шетке алыўды оятыўы мүмкин. Мәселен, “Tапсырманы орынлаўды кешиктиргениң ушын сен айыплысаң” деўдиң орнына, “Keлиң ендигиден былай кешиктирмеў ушын жумыс процессин қалайынша жақсылаў бойынша ойласып алайық ” деп айтың. Бул жантасыў ҳүрметти сақлаған ҳалда машқаладан шығысыў жолын излеўге жәрдем береди.
Ҳүрмет көрсетиң.
Басқалардың пикирин ҳүрмет етиў– келиспеўшиликти шешиўдеги табыстың гилти. Егер адам оның пикирин еситип, түсинип ҳәм қәдирлеп турғанын көрсе, ол келисиўге бейимлирек болады. Жеке көз қарасыңызға қарсы болса да, сәўбетлесиңиздиң көз қарасын түсинетуғыныңызды көрсетиң.
Ўазыйпаларды орынлаў басқышларын келисип алың.
Қарар қабыл етилгеннен кейин, ҳәмме оны түсинип алғанына исеним пайда етиң. Кейин болса ҳәр бир ағза ушын ўазыйпалар ҳәм басқышларды анық белгилеп бериң. Бул түсинбеўшиликлерден қашыўға ҳәм келисилген жумыслардың орынланыўына кепиллик береди.
Келиспеўшиликлерди шешиў – бул машқалаларды сапластырыў менен шекленип қалмай, командадағы мүнәсибетлерди беккемлеў имканияты болып табылады. Усы көнликпелерди өзлестириў арқалы сиз және де исенимли ҳәм нәтийжели лидерге айланасыз, командаңыз болса ҳәттеки қыйын ўазыйпаларды да биргеликте ислеўди үйренеди.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)