08

Жәмийетшилик алдында өзине исенген ҳалда шығып сөйлеў бойынша мәсләҳәтлер

Жәмийетшилик алдында шығып сөйлеў — бүгинги күнде ҳәр бир инсан, әсиресе, лидер ушын керекли көнликпе. Төмендеги бир неше әпиўайы мәсләҳәтлер сизге жәрдем береди:

  1. Алдыннан таярланың. Өзиңизди исенимли сезиниў ушын, шығып сөйлейтуғын темаңыздың мазмунын алдыннан үйренип шығың. Реже дүзиң, не туўралы сөйлейтуғыныңызды билип алың ҳәм айна яки шаңарақ ағзаларыңыз ямаса жақын досларыңыз алдында шынығыў ислең.
  2. Kирисиў бөлимин қызығарлы етип баслаң. Биринши сөзлер әҳмийетли! Илаж қатнасыўшыларының дыққат-итибарын тартыў ушын қызығарлы факт яки сораў менен баслаўға ҳәрекет етиң.
  3. Aнық ҳәм бәлент даўыста сөйлең. Әпиўайы сөзлерден пайдаланың ҳәм анық айтың. Асықпаң, әсте-ақырын сөйлең. Сонда сизди ҳәмме түсинеди. Даўысыңыз исенимли шығыўын тәмийинлең.
  4. Денеңизге итибар қаратың. Дурыс турыў позициясында турың ҳәм пикирлериңизди аңлатыў ушын қолларыңызды ислетиң, лекин, артықша ҳәрекетлер етпең.
  5. Залдағы адамларға қараң. Барлық тыңлаўшыларды көзиңизден қашырмаң. Бул пикирлесиў сезимин жаратыўға ҳәм итибарды сақлаўға жәрдем береди.
  6. Tоқтап қалыўдан қорықпаң. Егер не айтыўды умытқан болсаңыз, тәшўишленбең. Пикириңизди топлаў ушын бираз ўақыт ажыратың.
  7. Teз-тез шынығыў ислең. Қаншама көп шығып сөйлеўге шыққан болсаңыз, соншама аңсат болады. Әсте-ақырын ҳәр қандай аудитория алдында исенимли түрде сөйлеўди үйренесиз.

Усы мәсләҳәтлерди бақлап барың ҳәм шынығыў ислең, сиз өз шығып сөйлеў шеберлигиңизди жақсылайсыз ҳәм исенимли лидерге айланасыз!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi