11

Команда да пуқта қарарларды қабыл етиў

Қарар қабыл етиў — бул ҳәр бир инсан ушын, сондай-ақ, лидер ушын да әҳмийетли көнликпе болып есапланады. Төмендеги бир неше мәсләҳәтлер сизге қыйын жағдайларда пуқта қарарлар қабыл етиўге жәрдем береди.

Mағлыўматларды топлаң.

Қарар қабыл етиўден алдын, барлық керекли мағлыўматларға ийе екенлигиңизге исеним пайда етиң. Команда ағзаларыңыз бенен сөйлесиң, олардың пикирлери ҳәм идеяларын жыйнаң.

Вариантларды баҳалаң.

Бар болған қарар вариантларының дизимин дүзиң. Ҳәр бир вариант ушын оның абзаллықлары ҳәм кемшиликлерин толық жазып шығың. Соңынан бул кемшиликлерди көрип шығың: қайсыларына итибар бермекшисиз яки оларды қәйтип компенсация етиў мүмкинлигин ойлаң. Mәселен, егер кемшилик жүдә үлкен болса, оның ақыбетлерин, варианттың пайдалы тәреплери менен салыстырғанда, қандай әҳмийетке ийе екенлигин ойлап көриң. Бундай жантасыў сизге қайсы варианттың оптимал екенлигин жақсырақ түсиниўге жәрдем береди.

Командаңыз бенен додалаң.

Қарарларды биргеликте додалаў команданың руўхыятын беккемлейди ҳәм басқалардың пикирлерин қәдирлеп атырғаныңызды көрсетеди.

Интуицияңызға исениң.

Mағлыўмат ҳәм пикирлерди талқылаў жүдә әҳмийетли, лекин, базы да ишки даўысыңызға дa қулақ салыўыңыз керек. Ҳәттеки объектив мағлыўматларға қарағанда қарар гүманлы болып түйилсе де, егер сиз оның дурыслығын сезсеңиз ҳәм оны әмелге асырыў ушын қәўип-қәтерге таяр болсаңыз, интуицияңызға ерисесиз.

Қарарларды исеним менен қабыл етиң.

Қарар қабыл еткениңизден соң, оны исеним менен иске асырың. Қарарыңызға болған исеним, командаңызды сизди бақлаўға илҳамландырады.

Tәжирийбеден үйрениң.

Қарар қабыл етип, оның нәтийжелерин көргениңизден соң, бәрқулла не нәрсе жақсы нәтийже бергенин ҳәм не нәрсе нәтийже бермегенин талкылаң. Бул келешекте қарарлар қабыл етиў көнликпелерин жақсылаўға жәрдем береди.

Ашық-айдынлықты қоллап-қуўатлаң.

Ҳәр бир адам өз пикирлерин ҳәм усынысларын еркин түрде билдириў имканиятына ийе болған орталықты жаратың. Бул тек ғана қабыл етилетуғын қарарлардың сапасын жақсылап қалмай, бәлким команда да исенимди де беккемлейди.

Қыйын қарарларды қабыл етиў ўақыт ҳәм әмелиятты талап етеди. Усы мәсләҳәтлерди қоллаған ҳалда, сиз өз көнликпелериңизди раўажландырып, және де исенимли ҳәм нәтийжели лидер болыўыңыз мүмкин.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi