18

Қорқыўды жеңиў ҳәм өзине исенимди беккемлеў

Қорқыў — бул тәбийғый туйғы болып, тек лидерлик етиўге ҳәрекет етип атырған жас өспиримлер, бәлким оны жасы үлкенлерде сезинеди. Қорқыўды өсиў басқышы сыпатында ислетиўде үйрениў мүмкин. Мине бир неше мәсләҳәтлер:

Қорқыўларыңызды тән алың.

Қорқыўларыңыз ҳаққында ашық айтың. Мәселен, егер сиз жәмийетшилик алдында шығып сөйлеўден қорқып атырған болсаңыз, бул қорқыўды не себептен сезип атырғаныңызды ойлап көриң: таярлық көриўдиң жетиспеўшилиги яки унамсыз тәжирийбе? Tән алыў ҳәм анализлеў — оны жеңиўдеги биринши қәдемлер болады. Оны қәйтип анализ етиў ҳәм анық қандай етип жеңиў мүмкин?

Kиши мақсетлерди қойың.

Қолыңыздан келетуғын ўазыйпалардан баслаң. Мәселен, үлкен илажды шөлкемлестириў орнына, алдын киши бир ўазыйпаны өз жуўапкершилигиңизге алың. Бул сизге исенимди әсте-ақырын қәлиплестириўге көмек береди. Жүдә үлкен ҳәм аўыр мақсетлер қойыў болса көбинесе қапа болыўыңызға яки жумысқа шынтлап кириспеўиңизге себеп болыўы мүмкин.

Унамлы өз-өзиңизди руўхландырыўды шынықтырың.

“Meн буған уқыплы емеспен” сыяқлы пикирди “Meн буны иске асырғанман, бул рет те орынлай аламан” деп өзгертиң. Mәселен, таңлаўда жетискенликлериңизди еске алың. Унамлы пикирлеў ҳәрекетке үндейди, унамсыз пикирлеў болса, қорқыўды күшейттиреди.

Команда ҳәм жақынларыңыз бенен байланыста болың.

Дослар, теңлеслер яки тренерлер менен пикирлесиў қоллап-қуўатлаў алыўға жәрдем береди. Мәселен, егер қарарыңызға гүман етсеңиз, оны команда, жақынларыңыз ямаса досларыңыз бенен додалап алың. Мәсләҳәтлер ҳәм тәжирийбе алмасыў стрессти азайтады ҳәм исенимди беккемлейди.

Kөнликпелерди раўажландырың.

  • Өзиңизди исенимли сезиўиңизге жәрдем беретуғын нәрселерди үйрениң. Мәселен:
  • Жәмийетшилик алдында шығып сөйлеў көнликпеси презентациялар ушын пайдалы болады;
  • Ўақытты басқарыў — команданы нәтийжели баскарыў ҳәм мақсетлерге ерисиў ушын;
  • Келиспеўшиликлерди унамлы шешиў көнликпеси команда да мүнәсибетлерди жақсылаўға жәрдем береди.
  • Tренинглер ҳәм жарысларда қатнасыў бул көнликпелерди жетилистириўге ҳәм маманлығыңызды асырыўға көмек береди.

Koмфорт зонасынан шығың.

Жаңа нәрселерди әсте-ақырын үйрениң. Мәселен, көпшиликтиң алдында шығып сөйлеўден қорықсаңыз, алдын киши топар алдында шығып сөйлең, кейин кеңирек аудиторияға өтиң. Бул сизге белгисизликти жеңиўди үйретеди ҳәм исенимиңизди беккемлейди.

Қорқыўды жеңип ҳәм исенимди раўажландырып, сиз нәтийжели ҳәм табыслы лидер болыўыңыз мүмкин. Еслетип өтемиз: қорқыў— бул нормал жағдай. Тийкарғысы оны шетлеп өтпеслик, бәлким раўажланыў ушын имканият сыпатында қабыл етиў болып есапланады. Исеним, тәжирийбе арқалы келеди, тәжирийбе болса ҳәрекет ҳәм алға умтылыўлар арқалы жүзеге келеди!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi