Лидерликтиң методлары: қайсы бири сизге сай?
Лидердиң жолы сүренлер ҳәм имканиятларға толы болыўы мүмкин. Лидер болыў— бул тек өз позицияңды ийелеў яки басқаларға буйрық бериў дегени емес. Бул- илҳамландырыўшы, жәрдем бериўши ҳәм командаңызды улыўма мақсетлерге бағдарлаўшы инсан болыўды аңлатады. Лидерлер көбинесе басқалар сезбейтуғын жаңа имканиятлар ҳәм идеяларды алдына қояды. Бул оларға итибар қаратыўға ҳәм адамларды қызықтырыўға жәрдем береди, сондай-ақ, машқалаларды шешиўдиң әдеттегидей емес усылларын табыўға имканият береди.
Егер қайсы түрдеги лидер екенлигиңиз қызықтырса, оқып алың ҳәм өз лидерлик қәсийетиңизди табың.
- Лидер-шөлкемлестириўши. Сиз команданың мүтәжликлерин өз мүтәжликлериңиздей көресиз ҳәм оларды шешиў үстинде белсендилик пенен ислейсиз. Сиз оптимистсиз ҳәм басқаларды руўхландыра аласыз, кемситип сын айтыўдан қашасыз.
- Лидер-жаратыўшы. Сиз жаңа нәрселерди көриў ҳәм адамларды қамтып алыў қәбилетине ийесиз. Машқалаларды шешиўде команда ушын қызықлы болған тапсырмаларды жаратасыз.
- Лидер-гүресиўши. Сиз күшли ерк-ықрар ийесисиз, өз күшиңизге исенесиз, қәўип яки белгисиз ҳәдийселерге қарсы биринши болып қарсы шығасыз ҳәм екиленбестен оны сапластырыўға кирисесиз. Сиз исенетуғын нәрселерди қорғаўға бейимлисиз ҳәм ақырына шекем гүресесиз.
- Лидер-дипломат. Сиз жағдай ҳаққында жақсы мағлыўматқа ийесиз ҳәм исенимли ушырасыўларды абзал көресиз. Өз режелериңизден итибарды шалғытыў ушын мағлыўматлардан пайдаланасыз.
- Лидер-жеңимпаз. Сиз бәрҳама қыйын пайытларда қоллап-қуўатлаўға таярсыз, жақсы нийеттесиз ҳәм кеўил билдириўге қәбилетлисиз.
Өз лидерлик методыңызды анықлаң ҳәм оны раўажландырың, сонда ғана командаңызды табысқа еристиресиз!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)