Қызылшаны даўалаў ѳзгешеликлери
Қызылша ушын арнаўлы емлеў усылы жоқ. Антибиотиклер тек асқыныўлар, қулақтың бактериалық инфекциялары ҳәм пневмония пайда болса буйырылады.
Қызылша менен аўырған балалар дурыс аўқатланыўы ҳәм диарея пайда болғанда, регидратация терапиясын алыўы керек.
Дурыс емлениў ҳәм А витаминин қосымша қабыллаў арқалы аўыр асқыныўлардың алдын алыўға болады. Қызылшаны емлеўде 24 саат аралығында А витамининиң еки дозасын наўқасқа бергенде балалар арасындағы қызылшадан өлимшиликти 50% ға азайтады.
Қызылша менен кеселленип, оннан саўалған адам өмирлик иммунитетке ийе болады.