Қызылшаға қарсы вакцина
Қызылшадан қорғаныўдың ең жақсы усылы бул қызылша -паротит-қызылшаға (КПК) қарсы вакцина алыў болып табылады. КПК вакцинасы қызылшаның барлық штаммларынан узақ мүддетке қорғайды.
1963-жылда қызылшаға қарсы вакцина ҳәм кең кѳлемли емлеў енгизилиўден алдын, ҳәр 2-3 жылда бир рет үлкен эпидемиялар болған. Ҳәр жылы дүньяда 2,6 миллион адам қызылшадан набыт болған.
2018-жылы дүнья жүзиндеги балалардың шама менен 86%-ы күнделикли медициналық жәрдем көрсетиў арқалы биринши туўылған күнине шекем қызылшаға қарсы вакцинаның бир дозасын алды. 2000-2017 жыллар аралығында дүнья бойлап қызылшаға қарсы вакцинация жәрдеминде 23,2 миллион ѳлимниң алды алынды.
Қызылша елеге шекем дүньяның көп жерлеринде кең тарқалған. Қәўипсиз ҳәм нәтийжели вакцина бар болғанлығына қарамай, 2018 жылда дүнья бойлап 140 мың адам, тийкарынан балалар ҳәм өспиримлер набыт болды.
Перзентлеримизди қорғаў ушын Өзбекстан миллий вакцинациялар календарына муўапық, КПК вакцинасының еки дозасы менен емлениў керек.