Қызылша диагностикасында физикалық тексериў
Катарал дәўирде (дәўирдиң даўамлылығы 3-4 күн):
- ѳсип баратырған Катарал синдром (жөтел, ринит, трахеит, ларингит, бронхит, конъюнктивит, склерит, кѳзден жас ағыўы, жақтылыққа оғада сезимталлық, блефароспазм, көздиң қызарыўы);
- наўқастың жүзи искен, қабақлары салыңқы болады;
- қызылша энантемасы: жумсақ, айырым қатты таңлайдың силекей қабатындағы надурыс пишинли қызыл дақлар
- Филатов-Коплик-Бельский дақлары (дәўирдиң соңында) беттиң силекей қабатында киши азыў тислерге қарсы, еринниң, тис етлериниң ҳәм көз конъюнктивасының силекей қабатында сийрек; Бельский-Филатов-Коплик симптомы анықланса, бул гүмансыз қызылша диагнозы (клиникалық).
Таспа дәўиринде:
- дәслепки күнинде Бельский-Филатов-Коплик дақларының пайда болыўы;
- кеселлик басланғаннан соң 4-5-күни таспаның пайда болыўы;
- бирлесиўге бейим болған макуло-папулёзли таспалар;
- 3 күн ишинде таспалардың басқышпа-басқыш тарқалыўы: биринши күни қулақ артында, жүз, мойын, кѳкиректиң жоқарғы бөлегинде, 2-күни - денеде, 3-күни – қол-аяқларда;
- интоксикацияның күшейиўи, дем алыў жолларының силекей қабатлары ҳәм көз конъюнктивасынан Катарал ҳәдийселер (мурын ағыўы, жөтел, кѳзден жас ағыўы, жақтылыққа оғада сезимталлық);
- трахеобронхит, ларингит, круп белгилери;
- таспадан соң пигментация пайда болыўы.
Пигментация дәўиринде:
- таспа қалай пайда болса, тап сондай избе-изликте жоғалады, пигментация ҳәм түлеў пайда болады.
Қызылшаның аўыр кешиўи
Қызылша менен кеселленген балада (жоқарыда сүўретленген) төмендеги симптомлар ҳәм белгилердиң ҳәр бириниң бар екенлиги баланың аўыр жағдайын билдиреди:
- суйықлық ише алмайды яки еме алмайды;
- ҳәр қандай аўқаттан яки суйықлықтан соң қусыў;
- тутқанақлар.
Қызылшаның аўыр кешиўши белгилерине итибар берилиўи тийис:
- сананың пәсейиўи ямаса жетиспеўшилиги;
- кѳз пердесиниң қарайыўы;
- аўыз бослығында терең яки кең жайылған жаралар;
- пневмония (жѳтел ямаса аўыр ҳәм тез нәпес алыў, кѳкирек қәпесиниң үйлесимли жерлерин тартыў);
- дираея себепли суўсызланыў
- қызылша крупына байланыслы стридор (шаўқымлы нәпес алыў);
- азықланыўдың аўыр бузылысы.