Қызылша кеселлигиниң классификациясы
Қызылша аўыр асқыныўларға ийе ҳәм өлим дәрежеси жоқары болған оғада жуқпалы вируслы кеселлик болып табылады. Вирус дем алыў жолларына ѳтип, буннан соң пүткил денеге тарқалады.
Қызылша кеселлигиниң классификациясы:
Кеселликтиң клиникалық анықламасы: Ысытпа ҳәм макулопапулез таспалар (везикулёз емес) ҳәм төмендеги белгилердиң биреўи бар болған наўқас: жѳтел, мурын ағыўы, конъюнктивит
Гүманлы жағдай: Кеселликтиң клиникалық анықламасына сәйкес келетуғын ҳәр қандай наўқас
Эпидемиологиялық тәрептен байланыслы болған жағдай: Қызылша менен сәйкес келетуғын белгилери ҳәм симптомлары болған наўқас, симптомлар басланыўынан 7-18 күн алдын лаборатория тәрепинен тастыйықланған жағдай менен байланыста болған
Лаборатория тәрепинен тастыйықланған жағдай: қызылшаға сәйкес келетуғын белгилер ҳәм симптомларға ийе кеселликти тастыйықлаў ушын лабораториялық критерияларға сәйкес келетуғын наўқас:
- қан сывороткасында, қурғақ қан дақларында ямаса силекейде қызылшаға қарсы IgM антиденелерин анықлаў;
ямаса
- Толық қан, мурын-жутқыншақ ямаса сидик үлгисинен, ПЦР жәрдеминде қызылша вирусы РНКсын анықлаў;
ямаса
- жупласқан сывороткаларда қызылшаға қарсы IgG антиденелериниң сезилерли дәрежеде асыўы (4 реттен кѳп);
Лаборатория тәрепинен тастыйықланған жағдай клиникалық жағдай анықламасына жуўап бериўи шәрт емес.