Не себеп пандемия дәўиринде режедеги иммунизацияны даўам етиў әҳмийетли
COVID-19 кеселлигине қарсы вакцинацияны енгизиў бул жәмийетке режедеги иммунизацияны ѳткериўдиң әҳмийети ҳаққында еслетиў имканиятын береди. Ҳәттеки, режедеги иммунизация жумыслары сыяқлы тийкарғы медициналық хызметлер кѳрсетиўди тоқтап турыў жәмийетте аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Пүткил дүнья жүзинде вакцинация илажлары балаларды аўыр кеселликлерден сақлаўда ең нәтийжели усыл болып есапланады. Жәҳән ден саўлықты сақлаў шѳлкеминиң мағлыўматларына кѳре иммунизация жәрдеминде ҳәр жылы 2 миллионнан 3 миллионға шекем ѳлимшилик жағдайларының алды алынады. Балаларды ѳз ўақтында вакцинация қылыў, вакцина жәрдеминде алдын алыўға болатуғын кеселликлердиң пайда болыў қәўипин кемейтеди.
Медицина хызметкерлери ата-аналарға ѳз балаларын Ѳзбекстан Республикасының шаншыў календары тийкарында вакцинациядан ѳткерип турыўын қатаң түрде усыныс етип барыўы керек. Иммунизация бойынша үзиликсиз хызмет кѳрсетиў жәмийет ағзалары ҳәм олардың жақынларын вакцина жәрдеминде алдын алыўға болатуғын кеселликлерден ҳәм эпидемилардан қорғаў ушын зәрүрли есапланады.