7.1-7.5.png

Вакциналардың қәўипсиз екенлиги ҳаққында надурыс пикирлер ҳәм жалған мағлыўматларды қалай басқарыўға болады

Вакциналардың қәўипсиз екенлиги ҳаққындағы қәўетерлер надурыс пикирлер ҳәм сѳзлердиң тарқалыўына алып келди. Барлық вакциналарда қәўипсизлик мәселеси әҳмийетли орында туратуғынлығын ҳаққында айтып бериң. Вакциналарды ислеп шығарыў, жеткерип бериў, сондай-ақ, хызметкерлерди вакцинаны дурыс қолланыўға оқытыў жумыслары бәрқулла пуқта түрде мониторинг қылынып барылады. Мәмлекетке алып келинип атырған ҳәр бир вакцинаның қәўипсиз екенлигин анықлаўда Ҳүкимет тәрепинен үлкен итибар қаратылады.

Айырым адамлар COVID-19 кеселлигинен вакцина арқалы емес, ал вирусты жуқтырыў арқалы қорғаныўды мақул кѳриўи мүмкин. Егер COVID-19 вирусын жуқтырған жағдайда, ол адамда аўыр кеселликлер ҳәм асқыныўлар пайда болыў қәўипи жоқары екенлигин түсиндириң. Вакцинация бул қәўиплерди сапластырыўға ҳәм қорғаўды тәмийинлеўге жәрдем береди.

Вакцина қәўипсиз екенлигин қалай билиўимизге болады? Вакцинаны сынақтан ѳткериў нәтийжесинде алынған қәўипсизлиги ҳаққында мағлыўматлар бир қатар мәмлекетлердиң ҳүкиметлери, сондай-ақ вакциналардың қәўипсизлиги мәселелерине қәнигелестирилген халықаралық шѳлкемлер тәрепинен пуқта үйренип шығылған. Вакциналардың қәўипсизлигин ҳүкимет ҳәм басқа да халықаралық шѳлкемлер қадағалап барыўды даўам етпекте.

COVID-19 вирусына қарсы вакциналар алдын ислеп шығылған барлық вакциналар сыяқлы қәўипсизлик стандартлары талапларына жуўап беретуғынлығы ҳаққында адамларға түсиндириң. Вакциналар ҳәр қыйлы мәмлекетлерде, ҳәр қыйлы адамларда сынап кѳрилген ҳәм халықтың қандай да бир топары арасында вакцинаның қәўипсизлиги бойынша ҳеш қандай аўыр машқалалар келип шықпаған. Аллергиясы бар адамлар медицина хызметкерлери менен мәсләҳәтлесиўи тийис. Егер оларда вакцина компонентлерине аллергия болмаса, вакцинациядан ѳтиўи усыныс етиледи.

Aldıng’ı Keyingi