7.1-7.5.png

Вакциналарға болған исенимди беккемлеў ҳәм тарқалып атырған мағлыўматларды мониторинг қылыў

Вакцинаға болған исеним бул адамлардың вакцинаға, вакцина салыўшыларға ҳәм вакцинаның ислеп шығарыў процессине болған исенимин бидиреди. Изертлеўлер, адамның вакцинаны қабыллаўы, оның вакцинаның кери тәсирлери, нәтийжелилиги, қәўипсиз екенлиги, сондай-ақ вакцинация бойынша хызметлердиң қол жетимлиги ҳаққында түсинигине байланыслы екенлигин кѳрсетпекте. Вакцинаға болған исенимди беккемлеў халықтың вакцина ҳаққында қәте пикирлери ҳәм екилениўлерин сапластырыўда әҳмийетли орын тутады.

Жәмийетшиликти сәўбетлесиўге тартыў арқалы адамлардың вакцинацияға болған исенимин арттырың. Вакциналар ҳаққында фактлерге тийкарланған анық, толық мағлыўматларды жеткериң. Адамларда қандай сораўлар, гүманланыў ҳәм қорқынышлар бар екенлигин анықлаң ҳәм оларға анық жуўаплар бериң. Әпиўайы адамлар ушын түсиниксиз терминлерди пайдаланбастан, әпиўайы ҳәм түсиникли сѳзлерде пайдаланың.

Адамлардың вакциналар ҳаққында сораўларына жуўап алыўы ушын жәмийетлик сәўбетлесиўлер ѳткериң.

Тарқалып атырған мағлыўматларды мониторинг қылыў

Информациялық мониторинг жәмийетшиликти тартыўдың шешиўши бѳлеги есапланады. Адамлар арасында тарқалып атырған мағлыўматларды бақлап барыў, COVID-19 ға қарсы вакциналар ҳаққында жалған сѳзлерди тез анықлаўға ҳәм олардың кең жәмийетшиликке жетип барыўының алдын алыўға жәрдем береди. Бул ушын, «ыссы» телефон линиялары яки социаллық тармақлардан пайдалансаңыз болады.

Aldıng’ı Keyingi