16,17.png

Қандай кеселликлерге COVID-19-ға қарсы вакцинация усыныс етилмейди?

ЖДСШ ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелери созылмалы кеселликлерге қарсы COVID-19 вакцинасын алыўды усыныс етеди.

Созылмалы кеселликлерге шатылған организм бул вирусқа қарсы тура алмайды. Сол себепли олар арасында кеселликтиң аўыр кешиўи, емлеўханаға жатқарылыўы ҳәм ѳлим қәўпи артады.

Созылмалы кеселликлери бар болған адамларға ремиссия дәўиринде ямаса емлениўди тамамлағаннан соң емлеўши шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда вакцинаны алыў усыныс етиледи.

Ҳәзирги ўақытта Республикамызда аутоиммун кеселликлерине шатылған, сондай-ақ, аўыр аллергиялық реакциялар менен аўырған наўқаслар вакцина алмайды.

Aldıng’ı