4.1.png

COVID-19 ға қарсы вакцинаның бустер дозасы дегенимиз не ҳәм оны кимлерге қолланады?

Ўақыттың ѳтиўи менен, адамлардағы вакцина алыў нәтийжесиндеги инфекциялардан қорғаныў дәрежеси тѳменлеп барады. Адам организминдеги иммунитет қурамы ѳз жумысын нәтийжели даўам етиўи ушын тәкирарый вакцинация ислениўи зәрүр.

COVID-19 ға қарсы вакцинаның бустер дозасы – бул организмниң иммун қорғаўын күшейтиўши, алдын толық курста (схема тийкарында) алынған вакцинацияға қосымша вакцина дозасы.

Ѳзбекстанда COVID-19 ға қарсы вакцинаның бустер дозасын 18 жаста жоқары, алдын толық курста вакцинация қылынған, яғный, Moderna, Pfizer, AstraZeneca (CoviShield) Sinovac вакциналарының еки дозасын, ZF-UZ-VAC2001 Ѳзбекстан-Қытай вакцинасының үш дозасын, яки SputnikLight вакцинасының бир дозасын алған адамларға қолланыў мүмкин.

Бустер дозасын балаларға қолланыўға болама?

Болмайды, бирақ 12 жастан жоқары балалар Pfizer-BioNTech вакцинасының биринши дозасын алған болса, оларға усы вакцинаның екинши дозасын қоллаў усыныс етиледи

Keyingi