14,15.png

Вакцинациядан алдын қандай тәртип-қағыйдаларға әмел етиў тийис?

Вакцинациядан бир неше күн алдын, сондай-ақ, шаншыўдан соң 3-5 күн даўамында спиртли ишимликлерден ўаз кешиў усыныс етиледи. Спиртли ишимликлер организмге иммуносупрессив тәсир көрсетеди, яғный ол иммун системасын ҳәлсиретеди, ҳәм де интоксикация ҳәм аллергиялық реакциялар себепли басқа кери тәсирлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Булардың барлығы ақыр соңында иммунитеттиң қәлиплесиўине унамсыз тәсир көрсетиўи ҳәм вакцинациядан кейинги улыўма жағдайды тѳменлетиўи мүмкин.

Вакцинациядан алдын медициналық кѳриктен ѳтиў керек пе?

Вакцинациядан алдын шыпакер миннетли медициналық тексериўден ѳткереди. Бунда қан басымы, дене температурасы өлшенип, улыўма аўҳалы туўралы сәўбет ѳткериледи.

Вакцинация туўралы шешим медициналық тексериўден соң қабылланады. Ал, вакцинацияға кесент етиўши жағдайлар бар болса, медициналық тексериўди ѳткеретуғын шыпакер буған миннетли түрде итибар қаратады.

Aldıng’ı Keyingi