Вакцинацияның екинши/үшинши басқышын қанша ўақытқа шекем қалдырыўға болады?
Вакцинаның екинши дозасын алыў ўақытлары тѳмендегише:
- Pfizer-BioNTech (Comirnaty) — 21-28 күн,
- Sinovac Biotech (CoronaVac) — 28 күн,
- AstraZeneca (Oxford) — 12 ҳәпте, егер 4 ҳәпте ишинде алынбаған болса
Вакцинаның екинши дозасы усыныс етилген ўақыт аралығынан кеширек алынған болса да, ол есапқа алынады. Деген менен, екинши/үшинши дозаны кешиктириў COVID-19 бенен кеселлениў қәўпин асырады.
Бустер дозасы емлениўдиң толық курсы тамамланғаннан соң 4-6 ай өткеннен кейин қолланылады.