Вакцинациядан соң нелер күтиледи

COVID-19 ға қарсы вакцинациядан соң кери тәсирлердиң пайда болыўы бул пүткиллей нормал жағдай есапланады. Әпиўайы кери тәсирлер қатарына 1-3 күн даўам ететуғын температураның кѳтерилиў, бас ҳәм булшық етлердиң аўырыўы киреди. Бирақ, кѳпшилик адамларда ҳеш қандай кери тәсирлер болмайды. Кери тәсирлердиң жийилиги гриппке қарсы вакциналардағы сыяқлы болады

Бирақ вакцинациядан соң ҳәр қандай кери тәсирлер болғанда шаңарақ клиникасына мүрәжат етиўиңиз зәрүр.

Вакцинациядан соң сауна яки ванна қабыллаў, инъекция орнын емлеў қадаған етиледи, бундай жағдайлар ҳәр қыйлы реакциялардың пайда болыўына себеп болыўы мүмкин.

Aldıng’ı