Вакцинациядан ѳтиўде халықтың екилениўиниң себеплери
Вакциналар бойынша халықтың екилениўи, адамлардың вакциналарға қәўетер менен қараўы ҳәм вакцинациядан бас тартыўын билдиреди. Адамлардың вакцинациядан ѳтиўге екилениўине ҳәр қыйлы себеплер болыўы мүмкин. Кѳпшилик жағдайларда адамлардың вакцинаның әҳмийетин, оның қәўипсиз ҳәм нәтийжели екенлигин толық түсинбеўи олардың екилениўине алып келиўи мүмкин.
Айырым адамларда вакцинаның қурамын билмегенлиги яки оның қәўипсиз екенлигине исеними болмағанлығы оларда гүман пайда етиўи мүмкин. Ал айырымларында алдын алынған вакцинаға байланыслы унамсыз жағдайлар яки диний кѳз-қараслар себеп болыўы мүмкин. Айырым адамлардың не себеп екиленип атырғанын түсиниў ушын әтирапыңыздағы адамлар менен ѳз-ара исенимли қарым-қатнас орнатыў ҳәм оларды тынышсызландырып атырған сораўлардың жуўабын табыўға ҳәрекет етиў жүдә әҳмийетли саналады.
Изертлеўлер нәтийжеси вакцинацияға шақырыўшы айырым хабарлар адамларда екилениў жағдайына алып келиўи мүмкин екенлигин кѳрсетпекте. Қорқыныш ҳәм албыраўшылыққа тийкарланған хабарлар адамларда ѳзлерин вакцинацияға мәжбүрлеп атырғанлық сезимин оятады ҳәм сол себепли ол нәтийжели болмайды. Вакцинация бойынша шешимди тек ѳзлери қабыллайтуғынлығын сезиўи ушын адамлар менен сәўбетлесиў ѳткериң.
Вакцина не ушын әҳмийетли екенлиги ҳәм оның абзаллықлары ҳаққында адамларға еслетип барың. Вакцинация ҳаққында унамлы ўақыяларды халыққа жеткериў жумысларына жәмийеттиң исенимине кирген адамларды тартың. Аудиторияңыздағы адамлардың пикирлерин, кѳз-қарасларын, исеним ҳәм қәдириятларын итибарға алың:
- Пикирлер, сезимлер
- социаллық нормалар, исеним, тәжирийбе, қорқыныш
- Мораллық баҳалықлар, дүнья қарасы