7.1-7.5.png

Иммунизациядан соңғы кери тәсирлер ҳаққындағы надурыс пикирлерди сапластырыў

Пандемия дәўиринде надурыс пикирлер ҳәм сѳзлер кѳп тарқалады. Адамлар ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, дослары яки шаңарағы ағзалары арқалы надурыс мағлыўматларды естиўи мүмкин. Сол себепли адамларға бәрқулла анық фактлерди жеткериў керек; егер анық фактлерге ийе болмасаңыз, адамларға анық мағлыўматларды алғаннан соң оларға жекерип беретуғыныңызды айтың. Бәрқулла жаңаланған ҳәм исенимли мағлыўматларды бериўге ҳәрекет етиң.

Кѳпшилик адамларда COVID-19 кеселлигине қарсы вакцинациядан соң жеңил түрдеги кери тәсирлер пайда болыўы мүмкин. Бул нормал жағдай саналады, бирақ адамларда бул кери тәсирлер ҳаққында қәте пикир пайда болып, олар жәмийетте бул ҳаққында надурыс мағлыўматлар тарқатыўы мүмкин. Медицина хызметкери сыпатында, пайда болыўы мүмкин болған кери тәсирлер ҳаққында анық фактлерди, мысалы, ең кѳп ушырасатуғын жеңил түрдеги кери тәсирлерден температураның кѳтерилиўи, бас аўырыўы ҳәм булшық етлердиң аўырыўы болыўы ҳаққында айтып берсеңиз болады.

Вакцинадан соңғы жеңил түрдеги кери тәсирлер узақ даўам етпейди ҳәм әдетте 1-3 күннен соң ѳтип кетеди. Жеңил түрдеги кери тәсирлердиң пайда болыўы, организмиңиз сизди COVID-19 кеселлигинен қорғаў мақсетинде ҳәрекет етип атырғанын кѳрсетеди.

Бирақ вакцинациядан соң ҳәр қандай кери тәсирлер болғанда шаңарақ клиникасына мүрәжат етиўиңиз зәрүр.

If you cannot view the above video, you can instead download it.

Aldıng’ı Keyingi