7.1-7.5.png

Халықтың арасындағы вакцинациядан ѳтиўге екилениўлерди сапластырыў илажлары

Медицина хызметкери сыпатында, сиз халық арасындағы жалған мағлыўматларды қадағалап барыўыңыз ҳәм адамларды не нәрселер ҳақыйқатында да тынышсызландырып атырғанлығын билип алыўыңыз зәрүр. Халықтың арасындағы мағлыўматларға дурыс қатнаста болыўы ушын тѳмендеги 4 басқышқа әмел етиўиңиз зәрүр: Таярлық, Оларды тыңлаў, Түсиниў ҳәм Жәмийеттиң қатнасын тәмийинлеў.

  1. ТАЯРЛЫҚ - жоба дүзиў
  2. ТЫҢЛАЎ – келип түсип атырған мағлыўматларды бақлап барыў системасына ийе болыў
  3. ТҮСИНИЎ – мағлыўматлар, ҳәр қыйлы сѳзлер қай жерден келип шығып атырғанлығын түсиниў
  4. Жәмийеттиң қатнасын тәмийинлеў. Халықты тарқалып атырған жалған мағлыўматлар ҳаққында ескертиң. Бул мағлыўматлар жалған екенлигин қалайынша билгениңизди оларға түсиндириң, оларды тарқатып атырған адамларда жасырын мақсетлер болыўы мүмкин екенлигин айтып бериң.

Ден саўлықты сақлаў тараўы хызметкери сыпатында, COVID-19 кеселлигине қарсы вакцинация мапазының табыслы ѳтиўинде сиз әҳмийетли орын тутасыз. Жәмийетиңиздеги адамларды, олардың машқалалары ҳәм қорқынышларын жақсырақ түсиниў ушын эмпатия сезимин кѳрсетиң. Адамларға ғамхорлық қатнаста болыў олардың сизге болған исенимин арттырып, COVID-19 ға қарсы вакцинация илажларына қамтыў жуысларының кѳлемин асырыўы мүмкин.

Адамлар вакциналар ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлерге ийе болыўы себепли, ѳзиңиздиң мүрәжатыңызды ҳәр бир адамның вакцинаға болған пикиринен келип шыққан ҳалда бейимлестирип алың. Тѳменде, ҳәр қыйлы топардағы адамларға қылынатуғын мүрәжатларға мысаллар берилген.

  1. Тек айырым вакциналарды алыўшы адамлар ушын: оларға вакциналар жәрдеминде кѳплеген кеселликлердиң алдын алыўға ерисилгенлигин ҳәм COVID-19 ға қарсы вакциналар да усындай тәсирге ийе екенлигин еслетип ѳтиң. Сондай-ақ, COVID-19 кеселлигине қарсы вакциналардың қәўипсиз екенлиги дәлилленгенлигин айтып ѳтиң.
  2. Вакцина алыўшы, бирақ әйне усы вакцинацияға елеге шекем екилениўши адамлар ушын: COVID-19 кеселлигине қарсы вакциналар сынақ ѳткерилгенлигин, олардың адамларды ҳәм жәмийетти COVID-19 кеселлигинен сақлай алатуғынлығын айтып ѳтиң.

Барлық түрдеги вакциналардан бас тартыўшы адамлар ушын: Бул топардағы адамлар пикирин ҳеш қашан да ѳзгертпеўи мүмкин. Бундай топардағы адамлар менен бәсекилесиўдиң орнына, оларға исенимли дереклерден алынған мағлыўматларды бериң. Егер сораўлар пайда болса, сизге қәлеген ўақтында мүрәжат етиўине болатуғынлығын айтың.

Aldıng’ı Keyingi