6.2.png

Халық пенен нәтийжели байланыслар орнатыў ушын мәсләҳәтлер

Халық пенен нәтийжели байланыслар орнатыўдың кѳплеген стратегиялары бар. Тѳменде оларға қысқаша анықламалар берилген:

  1. Сәўбетлесиў ўақтында бәрқулла оларға эмпатия сезимин ҳәм олардың жағдайын түсинетуғынлығыңызды кѳрсетип барың. Кѳпшилик адамларда қәўетер ҳәм қорқыныш сезимлери болыўы мүмкин екенлигин ядыңызда тутың.
  2. Ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен берилип атырған мағлыўматларды бақлап барың, ѳзиңиз бермекши болған мағлыўматлар оларға қарама-қарсы келмеўине исеним кәмил етиң. Анық фактлерди келтирип ѳтиў жүдә әҳмийетли.
  3. Ѳзиңизде жуўаплары болмаған сораўлар да берилиўи мүмкин. Бундай жағдайларда сораўдың жуўабын басшылар ҳәм қәнигелер менен анықластырып, соң оларға жеткериўиңизди айтың.
  4. Алыс, барыў қыйын болған аймақлардағы адамлар менен сѳйлесиўди естен шығармаң. Олар вакцинация хызметлеринен пайдаланыўда жәрдемге мүтәж болыўы мүмкин.
  5. Вакцина алыўы мүмкин болған адамларға кѳбирек дыққат қаратың. Олар менен сәўбетлескенде эмпатия кѳрсетиң ҳәм COVID-19 ға қарсы вакцина ҳаққында нелерди естикени ҳаққында сораң.
  6. Халық арасындағы ҳәр бир қәте пикирлерди туўырлап барың ҳәм фактлерди келтирип бериң, адамлардың мәселениң түп мәнисин түсинип жетиўи ушын әпиўайы сѳзлер менен түсиндириң. Оларға вакциналар пандемияны тоқтатыўдағы ең әҳмийетли тийкарғы қәдем екенлигин еслетип ѳтиң.
Aldıng’ı Keyingi