COVID-19ға қарсы емлениў, ПЦР ҳәм антиденешелер дәрежесин анықлаўшы тестлер
Вакцинациядан алдын антиденешелер дәрежесин анықлаўшы ямаса ПЦР тестин тапсырыўым керек пе?
Яқ. Вакцинациядан алдын антиденешелер дәрежесин анықлаўшы ямаса ПЦР тестин тапсырыў талап етилмейди.
COVID-19ға қарсы вакцина менен емлениў ПЦР ямаса антиген тестинде оң нәтийжени бериўи мүмкин бе?
Яқ, COVID-19ға қарсы вакцина ПЦР ямаса антиген лаборатория тестиниң жуўмағы оң нәтийже бермейди. Ѳйткени, тест адам иммунитетин емес, ал кеселликтиң бар екенлигин тексереди. Бирақ, COVID-19 вакцинасы организмде иммунитет реакциясын келтирип шығаратуғынлығы себепли, COVID-19ға қарсы иммунитетти анықлайтуғын антиденешелер тести (серологиялық тест) оң нәтийже көрсетиўи мүмкин.
Егер антиденешелер дәрежеси жоқары болса, вакцина алмаўға болады ма?
Антиденешелердиң жоқары дәрежеде болыўы COVID-19ға қарсы емленбеўге көрсетпе бола алмайды. Бириншиден, инфекциядан қорғаў ушын антиденешелердиң муғдары қанша дәрежеде жеткиликли екенлигин анықлаўға мүмкиншилик беретуғын бирден-бир методология еле жоқ. Екиншиден, антиденешелер коронавирустың жаңа штаммларына қаншелли тез ҳәм нәтийжели бейимлесиўин баҳалайтуғын система да жоқ.