Вакцинация кеселликтиң жаңа штаммларынан қорғай алама?
Штаммлар дегенимиз бул ўақыттың ѳтиўи менен вирустың ѳзгериўиниң (мутация) нәтийжеси есапланады. Вирус ѳзиниң нусқаларын пайда етиў арқалы кѳбейеди, бирақ айырым нусқалар ѳзгерислерге (мутация) ийе болады.
ЖДССШ мағлыўматлары COVID-19 кеселлигине қарсы вакциналар нәтийжели екенлигин ҳәм олар коронавирустың кѳпшилик штаммларынан, сондай-ақ кеселликтиң аўыр кешиўи, кеселханаға түсиў ҳәм ѳлимшилик жағдайларынан нәтийжели қорғай алатуғынлығын кѳрсетпекте.