5.1.png

Жаңадан кеселлениў кѳрсеткишиниң тѳмен болыўына қарамастан, не себеп COVID-19 вирусына қарсы вакцинация ѳткериў талап етиледи?

Дүнья жүзинде бир неше мәмлекетлерде COVID-19 кеселлигиниң тарқалыўына байланыслы қойылған шеклеўлердиң алып тасланыўына қарамастан, пандемия еле узақ даўам етеди.

2022-жыл июнь айында кеселликтиң бир неше ай даўамында кемейиўинен соң, Европа, сондай-ақ Арқа ҳәм Қубла Америка еллеринде кеселлениў кѳрсеткишлери қайтадан артыўы бақланбақта. Сондай-ақ, COVID-19 вирусының жаңа штаммларының раўажланыўы даўам етпекте.

Вирус қаншели кѳп тарқалған сайын, оның ѳзгериў имканияты артып барады ҳәм оның жаңа вариантының жуғыўшылық қәсийети алдынғы түрине қарағанда жоқары болады. Сол себепли, вакцинация ѳткериў, әсиресе иммунитети тѳменлеген яки қосымша қәўип факторына ийе адамларды вакцинация қылыў елеге шекем әҳмийетли есапланады.

АҚШтың кеселликлерди қадағалаў Орайының мағлыўматларына кѳре, вакцина алмаған адамлар арасында COVID-19 кеселлигинен ѳлимшилик қәўипи, вакцина алған адамларға салыстырғанда 11 есе жоқары болады.

Keyingi