2.2.png

Вакцина ҳәмле (иштеги бала) ушын қәўипли емеспе?

Жәҳән ден саўлықты сақлаў шѳлкеминиң (ЖДССШ) мағлыўматларына кѳре, коронавирусқа қарсы вакциналар ҳәмле ушын қәўипсиз. Керисинше, вакцина алғаннан соң, иммунитет қәлиплеседи ҳәм пайда болған антиденелер киндик қаны ҳәм кѳкирек сүти арқалы бала организмине ѳтип, ана ҳәм баланы бир ўақыттың ѳзинде қорғайды.

Ҳәмиледар ҳаяллар ушын COVID-19 кеселлигиниң унамсыз ақыбетлери болыўын есапқа алған ҳалда ЖДССШ ҳәмиледарлықтың 22-ҳәптесинен баслап Pfizer-BioNTech вакцинасын қолланыўды усыныс етеди. Бул усыныс, усы категориядағы адамлар ушын бул вакцина қолайлы ҳәм нәтийежели екенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматларға тийкарланған.

Aldıng’ı Keyingi