Вакциналар қурамында адам организми ушын зыянлы химиялық затлар барма?
Ҳәр қандай вакцинаның компонентлери, соның ишинде COVID-19 вирусына қарсы вакцинаның да компонентлери зыянлы затларға ийе емес. Вакциналардың барлық компонентлериниң адам организмине зыянсыз екенлиги пуқта түрде тексериледи.
Вакциналарды ислеп шығарыў барысында сапасы турақлы түрде қадағалаўда болады, сол себепли вакцинаның ҳәр бир ингредиенти кепилленген жоқары сапаға ийе болып, адам организми ушын қәўипсиз болады.
Бирақ айырым адамлардың вакцина компонентлерин кѳтере алмаўын естен шығармаў керек.
COVID-19 ға қарсы вакциналар адамның иммун системасын тѳменлетиўи мүмкин бе?
Вакциналар иммун системасын тѳменлетпейди. Ал, керисинше, оны вирусқа қарсы гүресиўге таярлайды. Дүнья жүзи бойлап COVID-19 ға қарсы вакциналардың миллиардлаған дозасы пайдаланылды ҳәм олар COVID-19 кеселлигиниң аўыр түрлериниң алдын алыўда жоқары нәтийжелер кѳрсетти. Егер COVID-19 ға қарсы вакциналар иммун системасын тѳменлетиў қәсийетине ийе болғанда, вакцина алған адамларда бул кеселлик аўыр түрде кешкен болар еди. Бирақ, жағдай бундай емес, себеби вакцина ѳз тәсирин кѳрсетеди.
If you cannot view the above video, you can instead download it.