Moderna, Pfizer, AstraZeneca, Sputnik V, ZF-UZ-Vac2001 вакциналарының қурамы қандай?
Moderna – мРНК вакцинасы. Қурамы: хабаршы рибонуклеин кислотасы (мРНК), липидлер (SM-102, полиэтиленгликоль [PEG] 2000, димиристолглицерол [DMG], холестерин ҳәм 1,2-дистеароил-сн-глицеро-3.-фосфохолин [DSPC], трометамин, трометамин , сирке кислотасы, натрий тригидрат ацетаты ҳәм сахароза.
Pfizer-BioNTech (COMIRNATY) – мРНК вакцинасы. Қурамы: мРНК ҳәм липидлер ((4-гидроксибутил) азандиил) бис(гексан-6,1-диил) бис (2- гексилдеканоат), 2 [(полиэтиленгликоль) -2000]-N, N-дитетрадецилацетамид, 1,2- дистеароил-sn-глицеро-3-фосфохолин ҳәм холестерин). 12 ҳәм оннан жоқары жастағы адамларға арналған Pfizer-BioNTech вакциналары тѳмендеги қосымша ингредиентлерден бирин ѳз ишине қамтыйды:
- калий хлорид, бир тийкарға ийе калий фосфаты, натрий хлорид, еки тийкарға ийе натрий фосфат дигидрат ҳәм сахароза
ямаса
- трометамин, трометамин гидрохлориди ҳәм сахароза.
AstraZeneca – ChAdOx1-S/nCoV-19 [рекомбинант] вакцинасы.
бул COVID-19-ға қарсы репликацияға қәбилетсиз аденовирус векторлы вакцина. Қолда бар дәлийллер анализлери бойынша ChAdOx1-S/nCoV-19 [рекомбинант] вакцинасының анық ҳәм тиккелей пайдасы оның анықланған ҳәм потенциал қәўиплеринен басым турады деген жуўмақты тастыйықлайды.
Спутник V - векторлы вакцина, кѳбейе алмайтуғын адам аденовирусынан ибарат. Бул патоген қәўипли емес, ол тек жеңил тымаўды келтирип шығарады. SARS-CoV-2 коронавирусының спайк-белок гени оның ДНКсына киргизилген. Протеин клеткаларының үстки қатламындағы рецепторларга байланысады ҳәм вирустың ишке кириўине жәрдем береди. Иммунитетимиз спайк-белокта реакцияға кириседи. Аденовирус векторы жеткерип бериў қуралы ретинде хызмет етеди. Вакцина адам аденовирусының еки түрли штаммына тийкарланған вектордан пайдаланады - серотип 26 ҳәм 5 (Ад26, Ад5). Препарат жәрдемши затлар менен еритпе формасында шығарылады: мысалы, трис, натрий ҳәм магний хлоридлери, сахароза, полисорбат, магний хлорид гексаҳидрат, ЭДТА, этанол, суў.
ZF-UZ-VAC2001 - мРНК вакцинасы болып, ол көбейтиў ҳәм тазалаў ушын биотехнологиядан пайдаланған ҳалда арнаўлы СНО клеткаларында өсирилген вирус белогының бир бөлегинен (COVID-19 вирусының сыртқы гликопротеининиң бир бөлеги) ибарат ҳәм иммунитет реакциясын күшейтиў ушын алюминий гидроксид пенен араластырылған. Ол денемизге киргенде, бул белокқа қарсы антиденешелер пайда болады. Усылай етип, егер келешекте COVID-19 вирусы денемизге кирсе, антиденешелер вирусты таныйды ҳәм оны тезлик пенен сапластырады. Нәтийжеде, емленген адамда инфекция менен байланыслы белгилер болмаўы мүмкин ямаса кеселлик жүдә жеңил кешиўи мүмкин.