Қызылшаның асқыныўлары

Қызылша менен байланыслы өлимлердиң көпшилиги асқыныўлар себепли жүзеге келеди. Аўыр асқыныўлар 5 жасқа шекемги балаларда ямаса 30 жастан асқан ересеклерде тез-тез ушырайды. Қызылшаның мүмкин болған асқыныўлары:

  • Дем алыў органлары (пневмония, ларингит, ларинготрахеит, бронхит, бронхиолит, плеврит);
  • Ас сиңириў системасы (стоматит, аўыз бослығында терең яки кең жайылған жаралар, энтерит, колит);
  • Нерв системасы (энцефалит, менингоэнцефалит, миелит);
  • Кѳриў органлары (конъюнктивит, кератит, блефарит, кератоконъюнктивит);
  • Еситиў органлары (отит, мастоидит);
  • Сидик шығарыў системасы (цистит, пиелонефрит);
  • Тери (пиодермия, абсцесс, флегмона).

Антибиотиклар ойлап табылғанға шекем қызылша менен кеселленген ҳәр 100 адамнан биреўи набыт болған болса, ҳәзирде қызылша менен кеселленген ҳәр 1000 адамнан биреўи қайтыс болады.

Қызылшадан ең жақсы қорғаныў усылы бул қызылша-паротит-қызылшаға (КПК) қарсы вакцина алыў болып табылады.

Aldıng’ı Keyingi