8_Физикальное_обследование_при_диагностике_кори (1).png

Қызылша диагностикасында физикалық тексериў

Катарал дәўирде (дәўирдиң даўамлылығы 3-4 күн):

  • ѳсип баратырған Катарал синдром (жөтел, ринит, трахеит, ларингит, бронхит, конъюнктивит, склерит, кѳзден жас ағыўы, жақтылыққа оғада сезимталлық, блефароспазм, көздиң қызарыўы);
  • наўқастың жүзи искен, қабақлары салыңқы болады;
  • қызылша энантемасы: жумсақ, айырым қатты таңлайдың силекей қабатындағы надурыс пишинли қызыл дақлар
  • Филатов-Коплик-Бельский дақлары (дәўирдиң соңында) беттиң силекей қабатында киши азыў тислерге қарсы, еринниң, тис етлериниң ҳәм көз конъюнктивасының силекей қабатында сийрек; Бельский-Филатов-Коплик симптомы анықланса, бул гүмансыз қызылша диагнозы (клиникалық).

Таспа дәўиринде:

  • дәслепки күнинде Бельский-Филатов-Коплик дақларының пайда болыўы;
  • кеселлик басланғаннан соң 4-5-күни таспаның пайда болыўы;
  • бирлесиўге бейим болған макуло-папулёзли таспалар;
  • 3 күн ишинде таспалардың басқышпа-басқыш тарқалыўы: биринши күни қулақ артында, жүз, мойын, кѳкиректиң жоқарғы бөлегинде, 2-күни - денеде, 3-күни – қол-аяқларда;
  • интоксикацияның күшейиўи, дем алыў жолларының силекей қабатлары ҳәм көз конъюнктивасынан Катарал ҳәдийселер (мурын ағыўы, жөтел, кѳзден жас ағыўы, жақтылыққа оғада сезимталлық);
  • трахеобронхит, ларингит, круп белгилери;
  • таспадан соң пигментация пайда болыўы.

Пигментация дәўиринде:

  • таспа қалай пайда болса, тап сондай избе-изликте жоғалады, пигментация ҳәм түлеў пайда болады.

Қызылшаның аўыр кешиўи

Қызылша менен кеселленген балада (жоқарыда сүўретленген) төмендеги симптомлар ҳәм белгилердиң ҳәр бириниң бар екенлиги баланың аўыр жағдайын билдиреди:

  • суйықлық ише алмайды яки еме алмайды;
  • ҳәр қандай аўқаттан яки суйықлықтан соң қусыў;
  • тутқанақлар.

Қызылшаның аўыр кешиўши белгилерине итибар берилиўи тийис:

  • сананың пәсейиўи ямаса жетиспеўшилиги;
  • кѳз пердесиниң қарайыўы;
  • аўыз бослығында терең яки кең жайылған жаралар;
  • пневмония (жѳтел ямаса аўыр ҳәм тез нәпес алыў, кѳкирек қәпесиниң үйлесимли жерлерин тартыў);
  • дираея себепли суўсызланыў
  • қызылша крупына байланыслы стридор (шаўқымлы нәпес алыў);
  • азықланыўдың аўыр бузылысы.
Aldıng’ı Keyingi